Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң жаңа қурамы тастыйықланды

Олий Мажлис Сенаты жанындағы Жаслар парламентиниң биринши мәжилиси болып өтти.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева қатнасқан мәжилисте өткен бес жылда Жаслар парламентиниң ағзалары барлық бағдарларда сенаторлар менен ийинлес болып тәжирийбе арттырғаны, белгили нәтийжелерге ерисип, зәрүр структура екенин дәлилленгени атап өтилди.
Оның әмелий көринисин 2 Жаслар парламентлери ағзасының Нызамшылық палатасына депутат, 20сы болса және бир мәрте халық исенимине ерисип, жергиликли кеңеслер депутатлары етип сайланғанында көриў мүмкин.

Жаслар парламентиниң ўәкиллик мүддети тамамланыўы мүнәсибети менен оның жаңаланған қурамы қәлиплестирилди. Ислеп шығылған режеге бола, оның қурамы жергиликли кеңеслердиң усынысы тийкарында 84и отыз жасқа шекемги депутаттан, 10ы Жаслар ислери агентлиги ҳәм 6сы Сенаттың тийисли комитетиниң усынысына тийкарланып қәлиплестирилген. Жаслар парламентиниң 100 ден ибарат жаңа қурамы тастыйықланды.
Ҳәзирги команданың 13и түрли мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған, 11и сырт елдиң жоқары оқыў орынларын тамамлаған. Қурамның 95 проценти жоқары мағлыўматлы жаслар ҳәм 30 процентин ҳаял-қызлар қурады.
Жаңа қурам ҳуқықтаныўшылар, экономистлер, педагоглар, исбилерменлер, экологлар ҳәм мәденият, спорт ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўлары ўәкиллеринен қуралғаны олардың барлық бағдарларда нәтийжели жумыс алып барыўына хызмет етеди.
Мәжилисте шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Лайло Аслонова Жаслар парламенти баслығы етип сайланды. Сондай-ақ, Иброҳимжон Жўрабоев ҳәм Азизбек Очилбоев Жаслар парламенти баслығының орынбасарлары етип сайланды. Сондай-ақ, Жаслар парламенти комиссияларының баслықлары ҳәм олардың ағзалары да сайланды.
Шөлкемлестириў мәселесинен соң Сенат Баслығы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Жаслар парламенти өз жумысында итибар қаратыўы зәрүр болған тийкарғы ўазыйпаларға тоқтап өтти. Атап айтқанда, нызам дөретиўшилиги процесинде белсене қатнасыў, жасларға байланыслы нызамларды жетилистириў бойынша усыныслар бериў, орынларда жаслар бәнтлиги мәселесин пухта үйрениў ҳәм системалы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыўға жәрдем бериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, Жаслар парламенти жаслар арасындағы жынаятшылық, балалар ҳәм ҳаял-қызларға зорлық-зомбылық жағдайларының алдын алыў бойынша үгит-нәсиятлаў илажларында белсене қатнасыўы, сырт мәмлекетлердиң жаслар парламентлери менен бирге ислесиўи ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўы зәрүр екенлигине де әҳмийет қаратылды.
Н.Абдураимова, ӨзА