Сенатор ҳәм депутатлар халықтың машқалаларын тыңлады

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети баслығының орынбасары, сенатор О. Атаниязова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш. Өтемисов Қараөзек районында ҳәкимликтиң жуўапкер хызметкерлери, депутатлар, мәҳәлле жетилиги ағзалары менен ушырасты.
Ушырасыўда сенатор О. Атаниязова шығып сөйлеп, Сенаттың екинши ҳәм үшинши жалпы мәжилисинде мақулланған нызамлар ҳәм көрип шығылған мәселелердиң әҳмийетин түсиндирди.
Сондай-ақ, сенатор районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында ислениў тийис ўазыйпалар бойынша тийисли тараў ўәкиллериниӊ жуўапкершилигин арттырыў бағдарында өз усынысларын берип өтти.
Буннан соң сенатор О. Атаниязова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниң комитет баслығы Ш. Өтемисов ҳәм жергиликли Кеӊес депутатлары биргеликте Қуралпа аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасып, аймақтағы шешимин күтип турған машқалалардыӊ өз ўактында орынланыўын тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларға усыныс киргизиў ҳәм оның орынланыўы бойынша жуўапкер тараўлардыӊ жумысларын буннан былай да жеделлестириў бойынша көрсетпелер берди.

Илажда аймақ турғынлары сенаторға елатта ушырасып атырған айрым мәселелер бойынша өз усынысларын билдирип, оған тийисли жуўаплар алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы