Жумыслар додаланып, ўазыйпалар белгиленди

Бүгинги күни инсан қәдири жоқары қәдирият есапланған елимизде халқымыздың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў бағдарында бир қатар унамлы илажлар әмелге асырылып, аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша көплеген жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, Президентимиздиң арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында Қарақалпақстанда әмелге асырылған жаңаланыў ҳәм өзгерислер мақтаўға ылайық. Деген менен, бул бағдарда әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар да баршылық.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Ш.Өтемисовтың басшылығында мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, аймақларда әмелге асырылған илажлар, ушырасып атырған машқалалар ҳәм ҳаял-қызлардың экономикалық, социаллық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў бағдарында орын алған әҳмийетли ўазыйпаларға арналған мәжилис өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова ҳәм басқа да министрлик, мәкемелердиң басшылары, жуўаплы хызметкерлер, қала ҳәм район студияларынан тийисли тараў басшылары қатнасты.
Дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итабары, соның ишинде аўыл-аймақларды раўажландырыў, олардың инфраструктурасын жақсылаў бағдарында қабыл етилген бир қатар пәрман ҳәм қарарларының әҳмийети, халықты кәмбағаллықтан шығарыў, жоқары дәрамат алыў, исбилерменликти раўажландырыў, жасыл энергетиканы кеңнен ен жайдырыў бағдарындағы белгиленген ўазыйпалар ҳәм жаратылған шараятлар кең түрде атап өтилди.

Мәжилисте сондай-ақ, усындай кең имканиятлардың жаратылып берилгенлигине қарамастан, айырым орынларда тараў ҳәм жыйын басшыларының өз ўазыйпасын атқарыўға немқурайдылық пенен қарап, қәте-кемшиликлерге жол қойып атырғаны сынға алынды. Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер бойынша мәҳәлледе абаданластырыў жумыслары, тынышлықты сақлаў, жынаятшылықтың алдын алыў, ҳаял-қызларымыздың жәмийеттеги орнын арттырыў, шаңарақларда ажырасыўлардың алдын алыў, жасларымызды бәркамал әўлад етип тәрбиялаўда мәҳәллелер жетиликлериниң орны айрықша екенлигине атап өтилип, тийисли ўазыйпалар белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги