Түркия елшиси менен ушырасыў

295

Бүгин Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев Түркияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Олган Бекарды қабыл етти.

Ушырасыўда еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары, өз-ара исенимге тийкарланған дослық қатнасықлары себепли Түркия ҳәм Өзбекстан арасындағы қатнасықлар және де жоқары басқышқа көтерилгени және кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықлары беккемленгени айрықша атап өтилди.

Олган Бекар Өзбекстанда Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған кең көлемли демократиялық реформаларға жоқары баҳа берди ҳәм өзиниң жумысы дәўириндеги бирге ислесиў жойбарларын әмелге асырыўға қатнасқанынан қанаатланғанын билдирди.

Сәўбет барысында парламентлераралық байланыслардың көлеми кеңейгени, дослық топарлары ҳәм аймақлараралық қатнасықлардың жеделлескенине де тоқтап өтилди.

Парламентлераралық сөйлесиўди раўажланыдырыў саўда-экономикалық, инвестициялық және технологиялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди басқышпа-басқыш әмелге асырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги