Жаслардың саламатлығы ҳәм келешегине қаратылған итибар

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 6-майдағы «Өзбекстан Республикасында нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлардың нызамсыз айланысына шек қойыў арқалы олардың халықтың саламатлығы ҳәм мәмлекетимиз генофондына унамсыз тәсирин сапластырыўдың стратегиялық илажлары ҳаққында»ғы ПФ-73-санлы Пәрманы қабыл етилген еди.
Беруний районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы А.Уразованың мәлим етиўинше, усы пәрманға тийкарланып 2025-жылдың 1-февральдан 1-мартқа шекем уйым ҳәм шөлкемлер менен биргеликте, «Жаслар арасында нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлар тарқалыўының алдын алыў» комплексли оператив-профилактикалық илажын өткериў бойынша ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президент Администрациясы жанындағы наркотиклерди қадағалаў миллий орайының бас қәнигеси Ж.Юсупов, Республикалық қәнигелестирилген руўхый саламатлық илимий-әмелий медицина орайының бөлим баслығы Ж.Тоиров нәшебентлик ҳәм психотроп затлардың инсан организмине унамсыз тәсири, жаслардың келешегине қәўиплер, инсан генофондына тәсири бойынша мәлимлемелер берди.
Бул бағдардағы үгит-нәсият илажларын күшейтиў, перзентлеримиздиң өмирине бийпәрўа болмаў керек, – деди Беруний районы ҳәкиминиң орынбасары Д.Каримов ушырасыў қатнасыўшыларына.
Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги