Халықаралық тәжирийбеге ийе қәнигелерди таярлаўға қаратылған биргеликтеги бағдарлама

Малайзияның Linkoln Kolleg университетинде биргеликтеги бағдарлама тийкарында оқып атырған студент-жаслар менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры, академик А.Реймов ушырасыў өткерди ҳәм сәўбетлести. Ушырасыўларда А.Реймов олардың оқыў шараятлары, келешектеги режелери ҳәм оқыў процесслери менен жақыннан танысып, усыныслары менен ортақласты.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен Linkoln Kolleg университети арасында билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет ететуғын бул биргеликтеги тәлим бағдарламасынан гөзленген тийкарғы мақсет – халықаралық тәжирийбеге ийе қәнигелер таярлаў.
Академик А.Реймов шығып сөйлеген сөзинде, еки жоқары оқыў орны арасындағы бирге ислесиўдиң нәтийжелери, студентлер ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында айтып, Linkoln Kolleg университети жәмәәтине миннетдаршылық билдирди.

Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, академиялық алмасыў бағдарламаларын кеңейтиў, илимий-изертлеў тараўында бирге ислесиў мәселелери додаланып, студентлерге сапалы билим бериў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бағдарында биргеликте жумыс алып барыўға келисип алды.
Малайзияда билим алып атырған жаслар келешектеги билимлендириў ҳәм кәсиплик жумысында айрықша әҳмийетке ийе болып, еки университет арасындағы академиялық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги