Жасларға түсиниклер берилип, усыныслары тыңланды

Февраль айы жаслар арасында нәшебентлик ҳәм психотроп затлардың тарқалыўының алдын алыў айлығы болып, айлық шеңберинде орынларда кең түрде үгит-нәсият илажлары шөлкемлестирилмекте.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында болып өткен ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Нәшебентлик затларды қадағалаў Миллий орайының бас илимий хызметкери Жәнибек Юсупов, Өзбекстан Республикасы Руўхый саламатлық бөлиминиң баслығы Жура Тоиров, Қарақалпақстан Республикасы Руўхый саламатлық орайының нарколог врачы Бөрибай Қайыпназаровлар тәрепинен нәшебентлик ҳәм психотроп затлардың зыянлы ақыбетлери ҳаққында жасларға кең түрде түсиниклер берилди, дейди НМПИ баспасөз хаткери И.Мәтеков.
– Нәшебентлик ҳәм психотроп затлар машқаласы бүгинги күнниң ең глобал ҳәм әҳмийетли машқалаларының бири, – деди өзиниң шығып сөйлеген сөзинде институттың жаслар мәселелери, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Реймов.
Бул иллеттиң жаслар арасында кеңнен тарқалыўы жәмийетимиз ушын үлкен қәўип туўдырады. Оның алдын алыў ҳәм жасларды зыянлы иллетлерден сақлап қалыў ушын түсиник ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын арттырыўдың әҳмийети атап өтилди.

Нәшебентлик ҳәм психотроп затлардан пайдаланыў тек ғана инсанның физикалық саламатлығына кери тәсирин тийгизип қоймастан, руўхый саламатлығы ҳәм жәмийетлик турмысында да орны толмас жоғалтыўларға алып келеди.
Ушырасыўда студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелерден толық жуўап алды.
Илажда шығып сөйлегенлер бул машқаланың алдын алыў ушын жәмийеттиң барлық қатламлары, соның ишинде, ата-аналар, педагог хызметкерлер, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер биргеликте жумыс алып барыўы керек екенин атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги