Малайзия компаниясы Өзбекстанда дрон ислеп шығарыўды жолға қояды

298

Өзбекстан делегациясының Малайзияға хызмет сапары даўамында бирге ислесиўши мәмлекет пенен ақыллы аўыл хожалығы технологиялары ҳәм дронлар ислеп шығарыў, салыгершилик, балықшылық, каучук жетистириў, мийўе-овощ ҳәм пилле өнимлерин экспорт етиў сыяқлы бағдарларда әмелий бирге ислесиў жумысларын баслаўға келисип алынды.

Атап айтқанда, Малайзияның Meraque компаниясы менен биргеликте Ташкент ўәлаятының Янгийўл районындағы Аўыл хожалығын механизацияластырыў илимий-изертлеў институты аймағында ақыллы аўыл хожалығы техникалары ҳәм дронларды локализацияластырылған ҳалда ислеп шығарыў бойынша келисимге қол қойылды.

Буннан тысқары, Малайзия Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар орайы арасында қол қойылған келисим тийкарында малайзиялы селекционер илимпазлар тәрепинен жаратылған шорланған ҳәм суўсызлыққа шыдамлы, қара, узын ҳәм ароматлы салы нәллерин Өзбекстанда тәжирийбе сыпатында егип көбейтиў ушын туқымлар алып келинеди. Соның менен бирге, Өзбекстанда жетистирилген «девзира» салы туқымлары Малайзияға жибериледи.

Малайзия Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги министрлигиниң Балықшылық департаменти ҳәм «Өзбекбалықсанаат» басқармасы менен биргеликте Өзбекстанда Малайзияның жаңа технологиялары тийкарында интенсив балықшылық, биофлок ҳәм криветка жетистириў жойбарлары жолға қойылады.

Малайзия Аўыл хожалығы маркетинг агентлиги менен бирге ислесиўди раўажландырыў арқалы Өзбекстанда жетистирилген мийўе-овощ ҳәм пилле өнимлерин экспорт етиў жолға қойылады.

Сондай-ақ, Малайзияның Jakim шөлкеми менен биргеликте Өзбексанлы фермерлер ҳәм исбилерменлер ушын «Ҳадал» сертификатын алыў мақсетинде оқыў курсларын шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.

Болып өткен илажларда Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы бул бирге ислесиў жойбарлары еки мәмлекет аўыл хожалығы тараўының инновациялық раўажланыўына ҳәм өнимлер экспортын кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

ӨзА