ӨзА – дәстүр, тәжирийбе ҳәм келешек

438

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги мәмлекетимиздеги ең ири мәлимлеме дәреклеринен бири сыпатында өзбек журналистикасында айрықша орын ийелейди.

Агентлик өзиниң медиа ресурслары арқалы сырт ел ғалаба хабар қураллары менен де жедел мәлимлеме алмасыўын жолға қойған. Бул болса мәмлекетимиздиң дүньядағы имиджин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Андрей Кондрашов, Россияның ТАСС мәлимлеме агентлигиниң Бас директоры:

– ӨзА жыллар даўамында өзин абырайлы ҳәм исенимли мәлимлеме дәреги сыпатында көрсетип келмекте. Агентлик хызметкерлери жоқары шеберлик, кәсипке садықлық сезимлери менен кең жәмийетшиликтиң ҳүрмети ҳәм исенимине ерискен.

Итибарлы тәрепи, ҳәзирги күнде Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги халықаралық журналистиканың раўажланыўында да әҳмийетли орын ийелеп, мәмлекет, регион ҳәм дүньядағы ең әҳмийетли сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм спорт тараўларындағы ўақыяларды заманагөй талаплар дәрежесинде сәўлелендирмекте.

Келешекте ӨзА глобал мәлимлеме мәканындағы орнын және де беккемлеп, татыў ҳәм тилеклес жәмәәт тараўымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўда даўам ететуғынына исенемен.

ӨзАға үлкен табыслар, турақлы өсиў ҳәм раўажланыў тилеймиз. Ҳәр бир жаңа күн сизлерге шексиз илҳам, имканият ҳәм табыс келтирсин!

Содонтогос Эрденетсогт, Монголия Миллий мәлимлеме агентлиги – MONTSAME Бас директоры:

– Өзбек журналистикасы бүгин өз жумысына дүньядағы тарийхый тәжирийбелер ҳәм заманагөй тенденцияларды енгизген ҳалда өзине тән, бийтәкирар көриниске ийе болмақта. Әпиўайырақ етип айтқанда, қалыс ҳәм ҳақыйқый мәлимлеме тарқатыў, мәмлекет ҳәм дүнья көлеминдеги әҳмийетли ўақыяларды оқыўшыға оператив, исенимли түрде жеткериў арқалы мәлимлеме мәканының раўажланыўына үлкен үлес қоспақта.

Соңғы жыллары ӨзА раўажланыў жолында заманагөй технологиялардан пайдаланып, мәлимлеме тарқатыў системасын турақлы жетилистирип атырғанынан хабарым бар.

Пурсаттан пайдаланып, Агентлик дүзилген күн менен ӨзАның барлық дөретиўшилик хызметкерлерине жаңа табыслар, жоқары шеклерди ийелеўде үлкен табыслар тилеймиз. Келешекте қатнасықларымыз және де нәтийжели, мазмунлы болатуғынына исенемиз.

Жобир Салим Ал-Ҳармий, Қатардың «Аш-Шарқ» газетасының бас редакторы:

– Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзА журналистлериниң тырысқақлығы, кәсибине садықлығы менен мәлимлеме ҳәм коммуникация тараўының беккем тийкарын жаратыўда әҳмийетли орын ийелейди. Ҳәзирги күнде болса бул татыў жәмәәт тез, анық ҳәм исенимли мәлимлеме бериў, дүньялық тәжирийбени өзлестириў, халықаралық байланысларды беккемлеў имканиятынан да үнемли пайдаланбақта. Бир сөз бенен айтқанда, Агентлик тек ғана мәмлекетте емес, ал пүткил регионда жоқары абырайға ийе.

Бүгинги сәне мүнәсибети менен ӨзА басшылары ҳәм дөретиўши хызметкерлерине табыс, турақлылық ҳәм әўмет тилеймен.

Раушан Кажибаева, «Қазақстан Республикасы Президенти телерадиокомплекси» НАЖ Бас директоры:

– «Мәлимлеме әсири» деп аталмыш ҳәзирги дәўирде дүнья мәмлекетлериндеги баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының жумысы бирден-бир система сыпатында көз алдымызға келтирип болмас, керек болса, ақылға сыймайтуғын ағымға айланбақта.

Глобалласыў пүткил планетамызға жеделлик пенен өз ҳүкимин өткериўге урынып атырған бир ўақытта ҳәр қандай жәмийетти бузғыншы идеялардан сақлаў, оларға қәдириятлар, үрп-әдетлер, дәстүрлер руўхын сиңдириўде ҒХҚ теңсиз орын ийелейди.

Өзбек журналистикасының мине, усындай машақатлы жолында Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги алдыңғылар қатарында мүнәсип  қәдем тасламақта.

33 жыллық әййямын белгилеп атырған ӨзА жәмәәтине саў-саламатлық, дөретиўшилик камалат, илҳам ҳәм жақсы мақсетлер жүзеге шығыўын тилеп қаламыз.

ӨзА