Мақсет – бирге ҳәрекет етиў көнликпелерин арттырыў

214

Қоңырат районында “Басқарыў уйымлары, Айрықша жағдайлар бойынша мәмлекетлик структуралардың айрықша жағдайларды сапластырыў бойынша ҳәрекетлери” атамасында Командалық-штаб оқыў-шынығыўлары болып өтпекте.

Дәслеп, оқыў-шынығыў режесине муўапық, Пуқаралық қорғаныў штабына райондағы сектор басшыларына, мәкеме-кәрхана ҳәм шөлкем басшыларына “ЖЫЙЫН” сигналы берилди.

Ҳәкимликтиң мәжилислер залында район ҳәкими Б.Мадаминовтың басшылығында жуўаплы хызметкерлердиң есабаты тыңланып, командалық-штаб оқыў-шынығыўларының ўазыйпалары келисип алынды.

Мақсет – тәбийғый ҳәм техноген көринистеги айрықша жағдайлар жүз бергенде тийисли уйымлардың таярлық дәрежесин сынақтан өткериў ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлерин жетилистириў.

Илаж даўамында сап көзден өткериўи болып өтти.

Онда «Жыйын командасы»ның ҳәм Айрықша жағдайлар бойынша мәмлекетлик төменги структуралардың районлық буўыны хызметлериниң жеке қурамы, жумысшылары, әсбап-үскенелери, техникаларының жағдайы ҳәм жеке қурамның билим ҳәм көнликпелериниң айрықша жағдайларға таярлығы сынақтан өткерилди. Илажға жәми 237 адам ҳәм 68 техника қураллары тартылды.

Соң оқыў-шынығыў шеңбериндеги илажлар райондағы 43-санлы мектепте  «Пуқаралық қорғаныў күни» илажы менен даўам етти.

Улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң басшылары ҳәм муғаллимлериниң қатнасыўында өткерилген көргизбели илажда, жәми 653 муғаллим ҳәм оқыўшылар, 3 автотранспорт қураллары қосылды.

Соң илаж жер силкиниўи жүз бергенде эвакуацияланатуғын пуқараларды жыйнаў пункти жайласқан 35-санлы мектепте даўам етти. “Азатлық” МПЖ турғынларын, олардың мүлкин ҳәм шарўа малларын қәўипсиз аймаққа көшириў бойынша өткерилген арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы даўамында 35-санлы мектептеги “Көширилетуғынларды жыйнаў пункти”нде ҳәм Қоңырат аймақлық темиржол узелинде халықты темиржол транспорты арқалы эвакуациялаў илажлары әмелге асырылды.

Онда усындай айрықша жағдайларда пуқаралық қорғаныў структураларының биргеликтеги ҳәрекетлери әмелге асырылып, көнликпелери арттырылды.

Шынығыўлар барысында 6,7 баллық жер силкиниўи жүз берген ўақытта аймақ турғынларына қандай жәрдемлер бериў бойынша барлық илажлар көрилип, эвакуацияланған пуқараларды жыйнаў ҳәм қабыллаў пунктиниң әмелий ҳәрекетлери көрсетилди.

Қоңырат темир жол вокзалында жер силкиниўи менен байланыслы айрықша жағдайлар жүз бергенде халықты темир жол транспорты арқалы эвакуациялаў илажлары да әмелге асырылды.

Командалық-штаб оқыў-шынығыўлары даўам етип, «Жиңишке” мәкан пуқаралар жыйынында пуқаралардың ботулизм кеселлигинен ҳәм газдиң зәҳәрли ийисинен зыянланыў жағдайлары жүз бергенде дурыс ҳәрекетлениўи бойынша оқыў-шынығыў илажлары әмелге асырылды. Оқыў шынығыўына жәми 57 адам ҳәм 8 техника тартылды.

Оқыў шынығыўы даўамында “Тақыятас Нефть база” ЖШЖ Қоңырат районы филиалында айрықша жағдайлар жүз бергенде объект басшылары, пуқаралық қәўипсизлик структуралары ҳәм районлық АЖМС хызметлериниң биргеликтеги ҳәрекетлери темасында арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилип, оған жәми 147 адам ҳәм 14 техника тартылды.

5-7-февраль күнлери өткерилип атырған командалық штаб оқыў-шынығыўы даўамында “Қоңырат дийқан базары” ЖШЖда өртлер менен байланыслы айрықша жағдайларды сапластырыўда АЖМС хызметлериниң биргеликтеги ҳәрекетлери темасында арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы да өткерилди. Илажға жәми 75 адам ҳәм 12 техника қураллары тартылды.

Оқыў-шынығыўы шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги