Уллы Британия Бас министриниң Өзбекстан бойынша саўда ўәкили тайынланды

196

Өзбекстанның Уллы Британиядағы елшиси Равшан Усманов жаңадан тайынланған мәмлекет Бас министриниң Өзбекстан бойынша саўда  ўәкили лорд Жон Олдердис пенен ушырасыў өткерди.

«Дунё»  басылымының жазыўынша, Британия Бас министриниң Саўда ўәкиллериниң лаўазымы 2012-жылы енгизилген болып, бул орынға мәмлекет парламентиниң  жетекши ғайраткерлери тайынланады.

Саўда ўәкиллери тек Бирлескен Патшалық пенен саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди және де раўажландырыў имканияты бар болған мәмлекетлерге тайынланады ҳәм олардың тийкарғы жумысы бул тараўлардағы қатнасықларды күшейтиўге бағдараланады.

Атап айтқанда, саўда ўәкиллери Британия Саўда ҳәм бизнес министрлиги менен тығыз бирге ислесиўде жаңа базарларды пайда етиў, сырт мәмлекетлерде бизнес  миссияларын шөлкемлестириў ҳәм Британия ҳәм сырт елли исбилермен топарлары арасында қатнасықларды жеделлестириў мәселелери менен шуғылланады.

Сөйлесиў даўамында сырт елли тәреп Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм соңғы жылларда республиканың саўда-экономикалық, сиясий, социаллық ҳәм мәдений тараўларда ерискен жетискенликлери менен толық таныстырылды.

Лорд Жон Олдердис Өзбекстанда жүз берип  атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислерди унамлы баҳалап, рәсмий Лондонды Ташкент пенен барлық тараўларда  қатнасықларын кеңейтиўден мәпдар екенин атап өтти.

Сөйлесиў ўақтында  саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық және билимлендириў тараўларында бирге ислесиўди жәнеде кеңейтиў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў  ушын  бар потенциалды әмелге асырыў бойынша сөйлесиўди даўам еттириў ҳаққында келисимге ерисилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги