Усақлап сатыў товар айланысының төрттен бири Нөкис қаласына туўра келди

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, республикамыз бойынша усақлап сатыў товар айланысы өткен жылдыӊ январь-декабрь айларында 13 трлн. 683 млрд. 668,2 млн. сумды қурап алдынғы жылдыӊ усы дәўирине салыстырғанда 108,3 процентке артқан.
Усақлап сатыў товар айланысы көлеминде үлкен үлеске ийе болған Нөкис қаласы (25,5 %), Төрткүл (13,1 %), Хожели (8,6 %) Беруний (7,6 %) ҳәм Әмиўдәрья (6,6 %) районлары усақлап сатыў товар айланысыныӊ өсиўине унамлы тәсирин көрсеткен.
– Киши бизнес субъектлериниӊ мәмлекетимиз экономикасыныӊ раўажланыўына қосып атырған үлеси, ислеп шығарып атырған өнимлери, көрсетилип атырған хызметлериниӊ барлығы статистикалық есабатлар арқалы көрсетиледи,-дейди Статистика басқармасы сыртқы экономиклық байланыс ҳәм саўда статистикасы бөлиминиң баслығы Полатбек Боранбаев.
Қарақалпақстан Республикасында усақлап сатыў товар айланысы халықтың жан басына 6786,9 мыӊ сумды қурап, 106,9 процентке артты. Орташа жан басына товар айланысыӊ еӊ жоқары көрсеткишлери Нөкис қаласы, Қараөзек, Тахтакөпир, Хожели районларында бақланды.
Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен киши исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған сиясат тәсиринде олардыӊ экономикамыздағы тутқан орны анағурлым өсти.
2024-жылдың январь-декабрь айлары жағдайына киши исбилерменлик субъектлериниӊ товар айланысы алдынғы жылдыӊ усы дәўирине салыстырғанда 108,6 процент болды. Улыўма усақлап сатыў товар айланысында киши исбилерменлик субъектлериниӊ үлеси 97,3 процентти қурады. Киши исбилерменлик субъектлериниӊ усақлап сатыў тараўындағы үлеси де салмақлы болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги