Жынаятшылықтың алдын алыўда заманагөй технологиялардан пайдаланыў бойынша бирге ислесиў жеделлеседи

359

БМШтың Наркотиклер ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының Аўғанстан, Орайлық Азия, Пакистан ҳәм Ирандағы регионаллық ўәкили Оливер Штольпе Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатына барды.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм БМШтың Наркотик ҳәм Жынаят мәселелери бойынша аўқамы арасындағы бирге ислесиў, әсиресе, нызамсыз наркотик айланысы, шөлкемлескен трансмиллий жынаятшылық, адам саўдасы ҳәм терроризмге қарсы гүрес жаңа басқышқа көтерилгени айтып өтилди.

Сондай-ақ, регионда инсан ҳуқықлары үстинлигин ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў, мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, коррупция ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиўде парламенттиң тутқан орны ҳәр тәреплеме додаланды.

Соның менен бирге, сөйлесиўде Өзбекстанда коррупцияға қарсы кескин гүресиў илажларының нызамлы тийкарларының жаратылғаны, бул болса халықаралық дәрежеде тән алынып атырғаны айрықша атап өтилди.

Адам саўдасы, мәжбүрий мийнет ҳәм сырт елде жумыс ислеп атырған мигрантлардың машқалаларын шешиўде мәмлекет унамлы нәтийжелерге ерискени айрықша атап өтилди.

Бул бағдарда Өзбекстанның халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орны жақсыланғаны атап өтилди. Келешекте де мине, усындай унамлы нәтийжелерге ерисиў ушын шөлкем менен өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Тәреплер жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў бойынша бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алды.

Н.Абдураимова,

 ӨзА