Тексериў ҳәрекетлери басланды

222

Усы жылдың 5-февраль күни социаллық тармақлар арқалы Нөкис қаласында жайласқан жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияшы балаларға қопал қатнаста болғаны ҳәм басқа да унамсыз ҳәрекетлери сәўлелендирген видеолар тарқалды.

Усы жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы рәсмий мүнәсибет билдирди. Онда атап өтиўинше, видеокөринис сәўлеленген жағдай 2024-жыл ноябрь айында Нөкис қаласында жайласқан жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшысы Р.Ш. ҳәм жәрдемши тәрбияшы Д.С. тәрепинен исленген.

Бул жағдай бойынша Нөкис қаласы прокуратурасы тергеўге шекем тексериў ҳәрекетлерин алып бармақта. Нәтийжесине бола, нызамлы қарар қабыл етилиўи Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги