Өзбекстан – Малайзия шериклигин инновациялық раўажландырыў дәўири басланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Малайзия Бас министри Анвар Иброҳимниң мирәт етиўине бола 4-5-февраль күнилери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болды.
Өзбекстан ҳәм Малайзияны тарийхый дослық қатнасықлары беккем байланыстырып турады. Бул дослық болса өз-ара тең мәплер, бир-бирине жақын мәдений қәдириятлар ҳәм уқсас урп-әдетлер тийкарына қуралғаны менен әҳмийетли. Бир-бирин қоллап-қуўатлаў кейинги жылларда айқын көзге тасланды. Атап айтқанда, еки мәмлекет арасындағы социаллық-экономикалық, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилди.
5-февраль күни Куала-Лумпур қаласындағы «Пердана Путра» ҳүкимет комплексинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысын Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим күтип алды.
Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Еки елдиң мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Өзбекстан Президенти ҳүрметли қараўыл қатарының алдынан өтти.
Соң «Пердана Путра» ҳүкимет комплексинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Малайзияның Бас министри Анвар Иброҳим тар дөгеректе ҳәм рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиў өткерди.
Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Малайзия Бас министрине қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, табыслы әмелге асырылып атырған «Madani» мәмлекетлик стратегиясының жоқары нәтийжелери менен шын жүректен қутлықлады.
Өзбекстан менен Малайзия арасындағы дослық ҳәм шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Малайзия Бас министриниң өткен жылдың май айында Өзбекстанға әмелге асырған тарийхый сапары еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды раўажландырыўға үлкен пәт бағышлағаны атап өтилди.
Сиясий сөйлесиў ҳәм парламентлераралық қатнасықлар жеделлести. Өз-ара товар алмасыў көлеми, биргеликтеги кәрханалар ҳәм авиақатнаўлардың саны артпақта.
Өткен жылы Ҳүкиметлераралық комиссиясының биринши мәжилиси нәтийжели өткерилди, Исбилерменлер кеңеси дүзилди, бир қатар ири бизнес форумлар шөлкемлестирилди.
Сапар алдынан таллаў орайларының ушырасыўы, Өзбекстанның туризм потенциалы ҳәм мәдений мийрасының презентациялары, жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының форумы өткерилди.
Бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўын нәтийжели муўапықластырыў мақсетинде Сыртқы ислер министрлериниң стратегиялық сөйлесиў платформасын шөлкемлестриўге қарар етилди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Саўда-экономикалық ҳәм инвестиция тараўларындағы әмелий бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Товар алмасыўды көбейтиў мақсетинде Жеңилликли саўда ҳаққындағы келисимди ислеп шығыў, өз-ара санаат көргизбелерин өткериў, Санаат кооперациясының бағдарламасын қабыл етиўге келисип алынды.
Малайзия ҳүкимети Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўын белсене қоллап-қуўатламақта.
Жетекшилер 2025-2026-жылларды Өзбекстан-Малайзия шериклигин инновациялық раўажландырыў дәўири деп жәриялаўға келисип алды.
Экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа моделиниң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды. Олар – нефть –химия ҳәм химия, электроника ҳәм ярымөткизгишлер санааты, инновациялық санаат, «ақыллы» аўыл хожалығы, «жасыл» энергетика, зыярат туризми ҳәм басқалар.
Кооперация жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Ташкент ўәлаятында Малайзияның жетекши компаниясының басқарыўында арнаўлы экономикалық зона қурылмақта.
Мәмлекет басшылары жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Быйылғы жылы Өзбекстан ҳәм Малайзияда мәденият ҳәптеликлери өткериледи.
Жетекшилер регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты. Терроризм, радикализм ҳәм исломофобияға қарсы гүресте ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша «жол карта»сын таярлаўға қарар етилди.
Жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Малайзия Бас министри Анвар Иброҳимди рәсмий сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.
Куала-Лумпур қаласында болып өткен нәтийжели сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим Стратегиялық шериклик жолында еки тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириў ҳаққында биргеликтеги билдириўге қол қойды.
Сондай-ақ, төмендеги ҳүжжетлер қабыл етилди:
-Өнимлердиң «ҳадал» стандартларына муўапықлығын баҳалаў тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Бажыхана жумысында бирге ислесиў ҳәм өз-ара жәрдем ҳаққында келисим;
-Жоқары билимлендириў тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
-Денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
-Мәденият тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
-Суд-экспертлик жумысы тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Академиялық-дипломатиялық бирге ислесиў ҳаққында келисим;
-«Ақыллы» қалаларды раўажландырыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында протокол;
-2025-2026-жыллары коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы шерикликти тереңлестириў бойынша биргеликтеги реже.
Соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев рәсмий сапары шеңберинде Малайзия Ислам көркем өнер музейине барды.
Бул комплекс мәмлекеттиң ең ири музейлеринен бири екенин атап өтиў керек. Ол 1998-жылы шөлкемлестирилген.
Музей дәстүрий ислам архитектурасы усылында қурылған болып, оның улыўма майданы 30 мың квадрат метрден зыятты қурайды.
Имарат гүмбезиниң ишки бөлегин безеў ҳәм реставрация ислеринде өзбекстанлы усталар қатнасқан.
Бул жерде 10 мыңнан аслам ислам көркем өнер үлгилери сақланбақта. Турақлы экспозицияда Қуран қолжазбаларының сийрек ушырасатуғын топламы, гүлалшылық ҳәм баҳалы буйымлар, қурал-жарақ үлгилери ҳәм имаратлардың макетлери, тағыншақлар, теңгелер ҳәм басқа да буйымлар көрсетилмекте.
Музей фондында заманагөй Өзбекстан аймағында ҳәр қыйлы тарийхый дәўирлерде жаратылған 200 ге шамалас сийрек ушырасатуғын экспонатлар айрықша орын ийелейди. Олардың арасында орта әсирлерге тийисли қол жазбалар, зергерлик буйымлары, белгили абр гезлемелери ҳәм кийимлериниң үлгилери, Шығыс Ренессансына тийисли гүлалшылық буйымлары бар.
Мәмлекетимиз басшысы экспонатларды көзден өткериў барысында биргеликте изертлеўлер өткериў ҳәм көргизбелер шөлкемлестириў, илимий ҳәм мәдений алмасыўларды кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим Куала-Лумпур қаласында биргеликтеги бизнес форумында қатнасты.
Илажда еки мәмлекеттиң жетекши компаниялары, инвестиция ҳәм банк-қаржы институтларының 200 ден аслам басшылары, соның ишинде, Малайзияның “Petronas”, “MMC Corporation”, “DRB-Hicom”, “Gemilang Coachwork”, “Proton”, “Gentari”, “Five Petroleum”, “YTL Corporation”, “Sunview Group”, “KPJ Healthcare”, “MK Tron”, “Mimos”, “Sparco Engineering”, “Tradewinds Group”, “Kapital DX”, “Gamuda”, “Westports”, “Khazanah”, “EXIM Bank of Malaysia” ҳәм басқа да көплеген компанияларының ўәкиллери қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгин болып өткен жоқары дәрежедеги нәтийжели сөйлесиўлерде Өзбекстан-Малайзия шериклигин инновациялық раўажландырыўдың еки жыллық дәўирин баслаў бойынша келисимге ерисилгенин, әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынғанын атап өтти.
Өткен жылы Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси дүзилгени, еки мәмлекет исбилерменлериниң қатнасыўында бир қатар ири илажлар өткерилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Мәмлекетлеримиз географиялық жақтан бир-биринен алыс болыўына қарамастан, транспорт ҳәм логистика имканиятлары кеңейип бармақта. Пайтахтлар арасында дерлик ҳәр күни тиккелей авиақатнаўлар әмелге асырылмақта.
Болып өткен сөйлесиўлерде ҳәзирги резервлер терең талланып, көп тәреплемели шерикликтиң жаңа «өсиў ноқатлары» белгилеп алынды.
Товар алмасыў көлемин есесине арттырыў, жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимди ислеп шығыў, өз-ара көргизбе ҳәм ярмаркалар өткериў бойынша келисимлерге ерисилди. Биргеликтеги жойбарлардың салмақлы портфели қәлиплестирилди, Санаат кооперациясы бағдарламасы ислеп шығылды.
– Мақсетимиз – қатнасықларды стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығыў,-деди Президент.
Малайзия Өзбекстанның әҳмийетли инновациялық ҳәм технологиялық шериги болып есапланады. Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан-Малайзия исбилерменлериниң бирге ислесиўин және де раўажландырыўдың бир қатар бағдарларын көрсетип өтти.
Бәринен бурын, бул электроника ҳәм ярымөткизгишлер санаатында узақ мүддетли бирге ислесиўди кеңейтиў болып табылады. Жасалма интеллект, санлы технологиялар, мағлыўмат орайлары бойынша жойбарларды әмелге асырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Газ-химия ҳәм химия санааты әҳмийетли бағдар болып есапланады. Полимерлер, «жасыл» водород ҳәм аммиак ислеп шығарыў бойынша стратегиялық жойбарларды таярлаў үстинде жумыс алып барылмақта.
Қурылыс тараўының жедел раўажланыўы инновациялық ҳәм экологиялық таза қурылыс материалларына талапты арттырмақта. Өзбекстан Президенти Малайзия компанияларын мәмлекетимиз аймақларында заманагөй өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириў ҳәм кең көлемли дөретиўшилик жумысларында белсене қатнасыўға шақырды.
Денсаўлықты сақлаў тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў перспективалары атап өтилди. Заманагөй клиникалар қурыў, Малайзияның алдыңғы тәжирийбеси тийкарында инновациялық фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў усылардың қатарына киреди.
Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде үлкен имканиятлар бар екенлиги көрсетип өтилди. Усы көзқарастан, «ақыллы» аўыл хожалығы технологияларын енгизиў, органикалық өнимлер ислеп шығарыў ҳәм «ҳадал» стандартларын қолланыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдан мәпдарлық билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы Малайзияның жетекши компания ҳәм банклерин Өзбекстанның телекоммуникация, энергетика, банк-қаржы ҳәм басқа да тараўлардағы мәмлекетлик активлерин меншиклестириўде белсене қатнасыўға мирәт етти.
Буннан тысқары, геология, билимлендириў, транспорт, зыярат туризми сыяқлы бағдарларда бирге ислесиў ушын үлкен имканият бар екенлиги атап өтилди.
Өзбекстан жетекшиси малайзиялы исбилерменлердиң биргеликтеги инвестициялық жойбарларын әмелге асырыўға қызығыўшылығы үлкен екенин, олар технологиялар ҳәм билимлер менен ортақласыўға таяр екенлигин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Усы мүнәсибет пенен Ташкент ўәлаятында Малайзия компаниясының басқарыўында арнаўлы экономикалық зона шөлкемлестирилетуғыны мәлим етилди.
Сөзиниң соңында мәмлекетимиз басшысы гезектеги биргеликтеги бизнес форумын быйыл гүзде Өзбекстанда өткериўди усыныс етти.
Куала-Лумпур қаласындағы исбилерменлик бағдарламасының даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим «Petronas» корпорациясының бас резиденциясы – «Twin Towers» имаратына барып, компания президенти Муҳаммад Тавфиқ пенен ушырасыў өткерди.
Нефть-газ, нефть-химия ҳәм қайта тикленетуғын энергетика тараўларында жетекшилерден бири болған бул глобал компания менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы шийки затты терең қайта ислеў ҳәм «жасыл» энергетика жойбарларын әмелге асырыў бағдарындағы перспективалы режелерди қоллап-қуўатлады.
Геология-излеў жумысларын алып барыў ҳәм перспективалы углеводород кәнлерин өзлестириў, карбонат ангидрид газин услап қалыў ҳәм сақлаў бойынша алдынғы технологияларды енгизиў, «Petronas» университети негизинде жоқары маман кадрлар таярлаў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында атап өтилди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Малайзияға рәсмий сапары жуўмақланды.
ӨзА