Өзбекстанда кәмбағаллық шегарасы жаңаланды

342

Өзбекстанда бир адамның бир айлық минимал пайдаланыў қәрежетлери 669 мың сум деп жәрияланды.

Статистика агентлигиниң берген мағлыўматына бола, Президенттиң ПҚ-114-санлы ҳәм Ҳүкиметтиң 544-санлы қарарларына тийкарланып минимал пайдаланыў қәрежетлериниң қуны қайта есапланған.

«2024-жыл декабрь айында май айына салыстырғанда есапланған пайдаланыў баҳалары индексинен келип шығып, 2025-жыл ушын есапланған минимал пайдаланыў қәрежетлериниң қуны бир айда адам басына 669 мың сумды қурайды»,-делинеди Агентлик хабарында.

Минимал пайдаланыў қәрежетлериниң қунын  есаплаў тәртибине тийкар, алдағы жыл ушын минимал пайдаланыў қәрежетлери азық-аўқат, азық-аўқат емес, өнимлери ҳәм хызметлер баҳалары дәрежесинен келип шығып, индексацияланып барылады.

Дүнья тәжирийбесинен минимал пайдаланыў қәрежетлери көрсеткишинен кәмбағаллық шегарасы сыпатында пайдаланыў  кең тарқалған болып, бул көрсеткиштен:

Мәмлекеттиң материаллық ҳәм басқа социаллық жәрдемлерине мүтәж халықтың мақсетли (таргет) топарын анықлаў;

Кәмбағаллыққа қарсы гүресиў стратегиясы ҳәм бағдарламаларында белгиленген ўазыйпа ҳәм илажлардың нәтийжелилиги ҳәм мәнзиллилигин арттырыў, сондай-ақ, олардың турақлы мониторингин арттырыў;

Пенсиялар ҳәм напақалардың ең аз муғдарын белгилеў, сондай-ақ, кәмбағал шаңарақларға берилетуғын басқа түрдеги материаллық жәрдемлерди көрсетиўде критерия сыпатында пайдаланылады.

Соңғы рет минимал пайдаланыў қәрежетлери муғдары 2024-жыл апрель айында белгиленген ҳәм ол 648 сумды қурағанын еслетип өтемиз,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

                                                                                                                  Қарақалпақстан хабар агентлиги