Медицина тараўындағы жойбарлар өз нәтийжесин бермекте

354

Республикамызда медицина тараўында сырт еллер менен бирге ислесиў жумыслары жетилистирилип, халықтың саламатлығын қорғаў бойынша заман талаплары тийкарында жаңалықлар енгизилмекте.

Соңғы жылларда Өзбекстан Республикасы ҳәм Израйл мәмлекети сыртқы ислер министрлигиниң «MASHAV» агентлиги арасында бирге ислесиў жумыслары жедел раўажланбақта. Әсиресе, агентликтиң медицина тараўындағы алып барып атырған кең көлемли жумыслары нәтийжесинде жолға қойылған жойбарлары өзиниң унамлы нәтийжесин берип атыр.

Усындай жойбарлар Қарақалпақстандағы «Меҳирли инсанлар» фонды тәрепинен әмелге асырылып,  академик Ё.Ҳ. Туракулов атындағы Республика қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы ҳәм Республика қәнигелестирилген руўхый саламатлық илимий-әмелий медицина орайының психиатрия хызмети бойынша Қарақалпақстан Республикасы филиалына тренажёрлар залы, мектепке шекемги балалар ойыны ханасы, мектеп жасындағы балалар ушын сабақ таярлаў, сүўрет салыў ханасы, емлеў, дене мәденияты ханасы (LFK) керекли буйымлар менен тәмийинленди.

Агентликтиң ўәкиллери усы медицина мәкемелеринде мийманда болып, наўқасларға жаратылған имканиятлар менен танысты. Сондай-ақ, өз гезегинде наўқаслар ҳәм олардың ата-аналары да бул жаратылған шараятлардан кеўиллери толып, келген мийманларға өз миннетдаршылығын билдирди.

-Бул жаратылған шараятлар өз гезегинде филиалымызда емленип атырған балалардың тезирек саўалып кетиўине жәрдемин тийгизеди,-дейди Республика қәнигелестирилген руўхый саламатлық илимий-әмелий медицина орайының психиатрия хызмети бойынша Қарақалпақстан Республикасы филиалы директоры З.Палўанова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги