Футзал: Қарақалпақстан чемпионлығы ушын беллести

321

4-5-февраль күнлери Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде U-17 жаслар арасында футзал бойынша «Спорт мектеплер лигасы» турнири болып өтти. 

Турнирде Нөкис қаласы ҳәм районлардан 12 команда қатнасты.

Еки күн даўам еткен турнирдиң финалына республикалық қәнигелестирилген спорт мектеби ҳәм Тақыятас районы спорт мектеби командалары жетип келди.

Қызықлы өткен ойын жуўмағында, тақыятаслы жас футболшыларды 5:3 есабында жеңип шыққан, республикалық қәнигелестирилген спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары биринши орынды жеңип алыўға еристи.

Ал, үшинши орын ушын болған беллесиўде болса, Кегейли ҳәм Тахтакөпир районлары спорт мектеплери командасына өз-ара ушырасып, онда тахтакөпирли жаслар 5:6 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, кубок ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы