Қыйтақ жерлер дәрамат дерегине айланбақта

312

Жерге меҳир берсең, жер сени бағады. Буны терең аңғарған жерлеслеримиз соңғы ўақытларда үй қапталындағы қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланып, ыссыханаларда қыстың күнлери де баў-бағша өнимлерин жетистирип, шаңарағына қосымша дәрамат таппақта.

Президентимиздиң басшылығында  2024-жылдың  28-ноябринде мийўе-палыз өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспортты көбейтиў илажлары ҳаққында өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Хожели районы «Сайманкөл» АПЖ аймағындағы  үлгили қыйтақ жер ийеси Алламберген Убайдуллаевтың шаңарағында көргизбели семинар болып өтти.

Семинарға Қарақалпақстан фермер дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығының орынбасары Р.Беканов, районлық  кеңесиниң баслығы ҳәм хызметкерлери, мәҳәлле баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери ҳәм фермер хожалықлары  баслықлары  қатнасты. Қатнасыўшыларға халықтың қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў, сол арқалы дәрамат дереклерин жаратыў, соның менен бирге лимон  ҳәм басқа да өнимлерди жетистириў бойынша түсиниклер берилди.


Быйылғы «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл»  экономика жылы» нда районда жасыл мәкан орталығын жаратыў, қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланыў, нәл жетистириў  ҳәм халықты бул илажға белсене қатнасыўға шақырыў мәселелери сөз етилди.  Бул бағдардағы жумысларда үлгили қыйтақ жер ийелериниң нәтийжели жумыслары өрнек болатуғынлығы атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги