Суўды үнемлеў илажлары көрилмекте

Соңғы ўақытларда суўды үнемлеў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар Нөкис районы аймағында да даўам етпекте. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрь күнги 454-санлы қарарына тийкарланып, Нөкис районы аймағындағы «Ақмаңғыт» каналының 9,5 км аралығын реконструкциялаў (бетонлаў) белгиленген еди.
Жойбарды әмелге асырыў ушын 9,5 млрд. сум қаржы ажыратылған болып, бүгинги күнде жумысты бөлип алып ислеўши кәрхана тәрепинен керекли техникалар алып келинип, каналды бетонлаў ушын таярлаў жумыслары алып барылмақта.

Нөкис районындағы “Ақмаңғыт” хожалықлар аралық каналы 1963-жылы иске қосылған болып, улыўма узынлығы – 9,5 км, улыўма суў сарыпланыўы – 3,0 м3/сек.тезликти қурайды.
Бул канал “Каттағар” магистраль каналынан суў алып, Нөкис районының “Ақмаңғыт,” “Каттағар” ҳәм “Дарсан” хожалықлары аймақларындағы хожалықлардың қыйтақ жер майданларына ҳәм 29 фермер хожалығының жәми 2850 гектар егислик майданларына суў жеткерип береди. Каналды бетонлаў нәтийжесинде, жыллық есапта 5 млн 443 метр куб суў үнемлениўи нәзерде тутылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги