Мектептиң қосымша имараты пайдаланыўға тапсырылды

206

Мәмлекетимизде билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалар тийкарында жаңадан мектеп имаратлары  салынып, ескилерине оңлаў жумыслары алып барылып, келешек әўладтың заман талаплары тийкарында билим алыўы ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Усы бағдарда алып барылып атырған жумыслардың даўамы ретинде Хожели районы «Мәденият»  мәҳәллесинде жайласқан 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жаңа қосымша имараты пайдаланыўға тапсырылды. Ашылыў салтанатына район ҳәкими Ж.Ермашев, билимлендириў тараўы ўәкиллери ҳәм мектеп жәмәәти қатнасты. Заманагөй имарат 510 орынға мөлшерленген болып, Президентимиздиӊ 2023-жыл 25-декабрдеги «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы  қарары тийкарында қурып питкерилип, қурылыс жумысларына 3,8 млрд.сумлық қаржы жумсалған.

Илаж даўамында, мийманлар мектептиң ишки шараятлары менен жақыннан танысып, оқыўшылар ушын жаратылған  қолайлықларды жоқары баҳалады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги