Киши исбилерменлик субъектлериниң экономикадағы үлеси

Өзбекстан Республикасының “Рәсмий статистика ҳаққында»ғы ғы Нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 14-марттағы “Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы статистика агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилип, статистика уйымлары ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында өз-ара мағлыўмат алмасыўда мәлимлеме-коммуникация технологияларының заманагөй усылларын енгизиў механизми жетилистирилмекте.
Соның менен бирге, исбилерменлик субектлерине автоматластырылған система тийкарында олардың тийкарғы экономикалық жумыс түри (ОКЭД) ҳәм кәрхана түри бойынша (микрофирма, киши кәрханаларға) өз ўақтында хабар бериўди шөлкемлестириў мақсетинде бир қанша жумыслар алып барылмақта.
Исбилерменлик субъектлериниң тийкарғы экономикалық жумыс түрин (ОКЭД) ҳәм кәрхана түрин анықлаў Өзбекстан Республикасы Статистика агентлигиниң “Исбилерменлик субъектлериниң тийкарғы экономикалық жумыс түри ҳәм жыллық орташа хызметкерлер саны ҳаққында мағлыўматларды жаңалаў регламенти” талаплары бойынша исбилерменлик субъектлери тәрепинен усыныс етилген 1-кб (жыллық) статистикалық есабат формасы мағлыўматлары тийкарында, Estat4 автоматластырылған мағлыўматлар системасы арқалы әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы статистика Агентлиги тəрепинен жаратылған статистикалық мағлыўматлар рəсмий статистика мағлыўматы сыпатында жəрияланады.
Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен киши исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған сиясат тәсиринде олардың экономикамыздағы тутқан орны анағурлым өсти.
2024-жылдың январь-декабрь жағдайына киши исбилерменлик субъектлери тәрепинен жалпы аймақлық ишки өнимниң 65,8 проценти ислеп шығарылды. Киши исбилерменлик субъектлериниң халық хожалығының жетекши тараўларындағы үлеси де салмақлы болды. Яғный, санаат өниминде 37,5, қурылыста орынланған жумыслардың улыўма көлеминде 86,0, тийкарғы капиталға киргизилген инвестицияларда 27,9, жәми хызметлер тараўында 73,6, автомобиль транспортында жүк тасыўдың улыўма көлеминде 91,6, автомобиль транспорты жүк айланысында 89,0, автомобиль транспортында жолаўшы тасыў хызметлериниң улыўма көлеминде 93,2, автомобиль транспортында жолаўшы айланысында 96,4, усақлап сатыў саўда айланысының улыўма көлеминде 97,3, улыўма экспорт көлеминде 34,4, улыўма импорт көлеминде 69,7, аўыл хожалығында 96,3 процентти курады.
2025-жылдың 1-январь жағдайына ҳәрекеттеги киши кәрхана ҳәм микрофирмалардың саны 17 мың 180 ди қурады. Ал, 2024-жылдың январь-декабрь айларында 3102 жаңа киши кәрхана ҳәм микрофирмалар (фермер ҳәм дийқан хожалықларысыз) шөлкемлестирилди.
Р.Шарибаев,
Статистика басқармасының Исбилерменлик орталығын бақлаў, исбилерменликти раўажландырыў статистикасы бөлиминиң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги