Өзбекстан ҳәм Малайзия технологиялық бирге ислесиўди беккемлемекте

292

Сыртқы ислер министриниң орынбасары Илҳам  Ҳайдаров, «Өзэлтехсанаат» ассоциациясының баслығы Мирзиёд Юнусов ҳәм Малайзия Ярымөткизгишлер санааты ассоциациясы (MSIA) директоры Эндрю Чан арасында ушырасыў өткерилди.

Онда еки мәмлекет арасындағы технологиялық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған мәселелерди додалады.

Атап өтилгениндей, «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы электрон компонентлер ҳәм микрочиплер ислеп шығарыў тараўында дүнья жүзилик көлемдеги ири «Intel», AMD, «Infineon» сыяқлы технология компаниялары менен бирге ислесип келмекте. Бул ушырасыў да шөлкем ушын жаңа бирге ислесиў имканиятларын ашып бериўге хызмет етеди.

Ушырасыўда Малайзия Ярымөткизгишлер санааты ассоциациясының жумысы ҳаққында да ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди. Оған бола, MSIA мәмлекеттеги электроника ҳәм ярымөткизгишлер санаатын раўажландырыўға қаратылған тийкарғы шөлкемлерден бири есапланады. Ол Малайзиядағы жүзлеген жетекши компанияларды бирлестирип, глобал базар менен интеграцияны тәмийинлейди.

Ассоциацияның мәлимлеме хызметине бола, MSIA жумысының  тийкарғы бағдарлары микрочиплер ҳәм электроника санаатын раўажландырыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм кадрлар таярлаў, сондай-ақ, ҳүкимет ҳәм жеке сектор арасындағы муўапықластырыў жумыслары сыяқлы мәселелерди өз ишине алады.

Сөйлесиў жуўмағында тәреплер технологиялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириў, еки мәмлекет арасында байланысларды буннан былай да беккемлеў илажларын көриўге келисип алды.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзАның хабаршысы