Быйылғы реже бойынша бетонлаў жумыслары басланды

216

«Ески Кенегес” каналы бетонланбақта,-деп хабар бермекте Суў хожалығы министрлиги баспасөз хызмети.

Қарақалпақстан Республикасында быйылғы жылға белгиленген режелерге муўапық, каналларды реконструкциялаў, бетонлаў жумыслары баслап жиберилди.

Ҳәзирги ўақытта Тақыятас районындағы “Ески Кенегес” каналын реконструкциялаў жумыслары қызғын алып барылмақта. Бул жумыслар “VORIS CHINA” жуўапкершилиги шекленген жәмийети түриндеги қоспа кәрхананың қурыўшылары тәрепинен әмелге асырылмақта. Бүгинги күнге шекем объекттиң 1,44 километрлик бөлегинде топырақ жумыслары ҳәм 0,5 километрлик бөлегинде бетонлаў жумыслары әмелге асырылды.

– Бул каналды бетонлаў жумысларын әмелге асырыўдан алдын жойбарын ислеп шығыўда бир қатар әҳмийетли тәреплери инабатқа алынды,-дейди Тақыятас районы “Суў жеткериў хызмети” МК директоры Ә.Назаров. – Алдынлары аймақтағы айырым фермерлердиң егислик майданлары каналдағы суўдан бираз жоқарыда болғанлығы себепли қосымша насос агрегатларын иске қосыўға туўра келетуғын еди. Каналды толтырып қойыў ушын артықша суў, насослар ушын көп муғдарда энергия жумсалатуғын еди. Бетонлаў бойынша жойбар ислеп шығылып атырғанда усы сыяқлы машқалаларды айтып, усынысларымызды бердик. Нәтийжеде, жойбар бойынша топырақтың көлеми көтерилип, каналдағы аз суў менен де көплеген фермерлердиң атызлары каналдың өз ағысы менен де суўғарылатуғын болады.

Реконструкциялаў шеңберинде фермерлердиң суў алыў орынлары ҳәм гидроқурылмалар биротала оңланып барылмақта. Каналдағы бетонлаў жумыслары жуўмағына жеткенинде, суўдың ысырапкершилиги азайыўы менен бирге, аймақтағы 7 мың гектардан аслам егислик жердиң суў менен тәмийинлениўи жақсыланады.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына тийкарланып, быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасында 39,8 километрлик узынлықтағы 4 каналды реконструкциялаў, бетонлаў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта қалған 3 каналда да топырақ ҳәм бетонлаўға таярлаў жумыслары басланған.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги