Өзбекстан, Әзербайжан ҳәм Қазақстан жасыл энергия бойынша бирге ислеседи

315

Әзербайжан Миллий Мажлиси мәжилисинде «Әзербайжан Республикасы, Қазақстан Республикасы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында жасыл энергияны раўажландырыў ҳәм жеткерип бериў бойынша стратегиялық шериклик ҳаққындағы келисим»ди тастыйықлаў ҳаққындағы нызам жойбары додаланды. Бул ҳаққында АзерТАЖ хабар берди.

Өткен жылы ноябрь айында Бакуде болып өткен БМШ Климат өзгериўи бойынша конвенциясы 29-сессиясы (СОП29) шеңберинде үш мәмлекет басшылары тәрепинен қол қойылған бул ҳүжжет энергетика тараўында бирге ислесиўдиң жаңа стратегиялық тийкарларын анықлаў мақсетинде таярланған.

– Бул келисим жасыл ҳәм қайта тикленетуғын энергия дереклерин раўажландырыў, энергия қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлерине үлес қосыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып табылады, – делинген Әзербайжанның жетекши мәлимлеме агентлигиниң хабарында.

Шәртнаманың және бир тийкарғы мақсети Париж климат келисиминде нәзерде тутылған ыссыхана газиниң шығындысын азайтыў мақсетине муўапық, жасыл энергияны раўажландырыўға жәрдемлесиў болып табылады.

– Жойбар күшке кирсе, Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ энергетика системасының интеграциясын күшейтиў арқалы қайта тикленетуғын энергияны Европа ҳәм басқа да регионлар базарына қаратыў имканияты кеңейеди, – деп пикирин даўам еттиреди мақала авторы.

Басламаны турмысқа енгизиў мақсетинде тийкарғы орынлаўшылар – «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ, «Әзерэнержи» ААЖ ҳәм «Қазақстан электр тармақларын басқарыў компаниясы» АЖ қатнасыўында «Жасыл коридор бирлеспеси» биргеликтеги кәрханасы шөлкемлестирилди. Бул жәмәәт техникалық-экномикалық тийкарларды таярлаў ҳәм жойбарды әмелге асырыўға байланыслы зәрүр жумысларды атқарады.

Шексиз мүддетке дүзилген шәртнама тәреплер арасындағы көп жыллық бирге ислесиў арқалы турақлы раўажланыў мақсетлерин буннан былай да нәтийжели әмелге асырыўға хызмет етеди.

Себеби, «ӘзерТАЖ» Өзбекстанның геостратегиялық орналасыўы бундай биргеликтеги жойбарлар ушын қолайлы имканият жарататуғынына айрықша итибар қаратқан.

Додалаўдан соң Миллий Мажлис тәрепинен нызам жойбары тастыйықланған.

М.Сайфуллаев,

ӨзАның хабаршысы