Форумнан үлкен нәтийжелер күтилмекте

227

Өзбекстан ҳәм Малайзия арасында жоқары билимлендириў тараўында бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған биринши билимлендириў форумы өз жумысын баслады. Бул әҳмийетли илаж Өзбекстан ҳәм Малайзияның жоқары оқыў орынлары арасындағы академиялық ҳәм илимий бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Форумда Өзбекстанның абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшылары, сондай-ақ, Малайзияның жетекши университетлериниң ўәкиллери қатнаспақта. Илаж шеңберинде тәреплер жоқары билимлендириў системасындағы заманагөй қатнасықлар, илимий изертлеўлер ҳәм академиялық алмасыў бағдарламалары бойынша пикир алыспақта.

Бул форумда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, академик А.Реймов та қатнаспақта. Форум университеттиң халықаралық байланысларын және де кеңейтиў, студентлерге ҳәм профессор-оқытыўшыларға жаңа имканиятлар жаратыў және илимий бирге ислесиўди беккемлеў жолында баслы қәдем болып есапланады.

Форум шеңберинде Өзбекстан ҳәм Малайзияның жоқары оқыў орынлары арасында бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлерге, соның ишинде, бирге ислесиў шәртнамалары ҳәм меморандумларға қол қойылды. Бул ҳүжжетлер илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер алмасыўы, биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў сыяқлы бағдарларды қамтып алады.

Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўдиң күшейиўи тек ғана билимлендириўдиң сапасын арттырыў емес, ал халықаралық көлемде илимий байланысларды беккемлеўге хызмет етеди. Форум нәтийжесинде ерисилген келисимлер еки мәмлекет билимлендириў системасының интеграциясына, билимлендириў мәкемелери арасындағы тәжирийбе алмасыўдың және де жеделлесиўине түртки болады.

Мадина Жумабаева,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика

факультетиниң 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги