Сенат: ҳаял-қызлардың бәнтлиги оларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў арқалы нәтийжели тәмийинленбекте

Олий Мажлис Сенатында Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республика комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Сенат ҳәм усы комиссияның баслығы Танзила Норбоева басқарған мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў ҳәм бәнтлигине жәрдем бериў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы додаланды.
Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, белсендилигин арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылып атырғаны атап өтилди. Әсиресе, кәмбағаллықты қысқартыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке тартыў жолында әҳмийетли илажлар көрилмекте.

Бул бағдардағы ҳуқықый тийкарларды беккемлеў мақсетинде жүзге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилип, орынланыўға қаратылды. Соның ишинде, ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў ҳәм бәнтликке жәрдем бериў бойынша Сенат Баслығының басшылығында Янгийўл районының Қирсадақ мәҳәллеси тәжирийбеси тийкарында республикада жаңа система жолға қойылды. Нәтийжеде 2024-2025-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасы ислеп шығылып, орынланыўға қаратылды.

Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры ресурсынан ҳаял-қызлар исбилерменлиги жойбарларын қаржыландырыў бойынша мақсетли көрсеткишлер белгилеп алынды.
Халық банки, Микрокредитбанк, Бизнести раўажландырыў банки арқалы ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўға байланыслы 250 ксынысқа ийе бизнес жойбарлар ислеп шығылды.

“Жойбарлар фабрикасы” электрон платформасы иске түсирилип, пайдаланыўшыларға усынысқа ийе бизнес жойбарлар, тараўлар бойынша ажыратылатуғын кредит шәртлери менен танысыў, кредитлерди онлайн рәсмийлестириў имканияты жаратылды.
Белгиленген ўазыйпалар ҳәм мақсетли көрсеткишлердиң өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўына, сондай-ақ, орынларда анықланған машқалалардың жеделлик пенен шешилиўине жәрдем бериў мақсетинде Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Республика комиссиясының ағзалары аймақларға, жергиликли Кеңес депутатлары район, қала ҳәм мәҳәллелерге бириктирилди.
Нәтийжеде 2024-жылдың өзинде ҳаял-қызлардың 251,4 мыңы турақлы жумыс орынларына жайластырылды, 54,5 мыңы жәмийетлик жумысларға тартылды, 177,1 мыңы кәсип-өнерге ҳәм 147,3 мыңы исбилерменликке оқытылды.
Соның менен бирге, 55,1 ҳаял-қызға 289 миллиард сум субсидия ажыратылып бәнтлиги тәмийинленди. 206,6 мың ҳаял-қызға исбилерменлик жумысын жолға қойыў ҳәм оны кеңейтиў мақсетинде 3 триллион 472 миллиард сум жеңилликли кредит ажыратылды.
Мәжилисте әмелге асырылған унамлы жумыслар менен бирге, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша берилген айырым тапсырмалардың орынланыўы сын көзқараста талланды. Соның ишинде, айырым мәҳәллелерде ҳаял-қызлардың турақлы бәнтлигин тәмийинлеў, жәмийетлик жумысларға тартыў, мәҳәллелердиң драйверинен келип шығып кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў талап дәрежесинде емес екенлиги айтып өтилди.
Коммерциялық банклерге интакер ҳаял-қызлардың бизнес жойбарларын ислеп шығыўға жәрдем бериў, жыл даўамында жойбарлар әмелге асырылыўын бақлап барыў, ҳаял-қыз исбилерменлер менен турақлы сөйлесиў ҳәм олардың машқалаларын шешиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Усы кемшиликлер бойынша жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар, коммерциялық банклер, аймақ басшыларының мәлимлемелери тыңланып, сапластырыў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берилди.
Республика комиссиясы тәрепинен келешекте әмелге асырылатуғын жумысларға да итибар қаратылды. Атап айтқанда, рәсмий емес бәнтликти қысқартыў, майыплығы болған мийнетке жарамлы жумыссыз ҳаял-қызларға итибар қаратыў, мийнет базарында талап жоқары болған жоқары дәраматлы ҳәм заманагөй кәсип-өнерге ҳаял-қызларды оқытыўға қамтып алыўды кеңейтиў, аймақлардың өсиў драйверлеринен келип шығып, оларды исбилерменлик жумысына тартыў ўазыйпалары белгиленди.
Н.Абдураимова, ӨзА