«Пахтакор» және жеңилип қалды

227

Кеше Элит чемпионлар лигасында 7-тур ойынлары болып өтти.

Атап айтқанда, усы тур шеңберинде Ташкенттиң «Пахтакор» клубы  Қатар мәмлекетиниң «Ал-Гарафа» командасына қарсы ойынға түсти.

Кескин өткен ойынның биринши таймында майдан ийелери «Пахтакор» дәрўазасы алдында бир неше мәрте қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм усындай ҳүжимлердиң бирин «Ал-Гарафа» сәрдары Фержани Сасси анық әмелге асырды.

Екинши таймда «Пахтакор» клубы бас тренери ҳүжимди күшейтиў мақсетинде, бир неше ойыншыларды майданға түсирди. Атап айтқанда, ойынның 68-минутында Абдурауф Бўриевтиң орнына Диёр Холматов, Игор Сергеевтиң орнына Брайан Риаскос, Башар Ресанның орнына Отабек Жўрақўзиевлар майданға түсип, ташкентлилердиң ҳүжимлерин күшейтиўге еристи. Бирақ, олардың бул ҳәрекетлери өз нәтийжесин бермеди ҳәм ушырасыў 1:0 есабында жуўмақланды.

Бул турдан соң «Пахтакор» клубы 4 упай менен турнир кестесинде 10-орынды ийелеп тур.

Қурамында өзбекстанлы Остон Ўринов ойнайтуғын Иранның «Персеполис» клубы болса, бул турда топар жетекшиси «Ал-Ҳилол»ға 4:1 есабында жеңилип қалды. Бул ойынға Остон Ўринов бурын алған жарақаты себепли қатнаса алмады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы