Өзбекстан Президенти Малайзияға келди

205

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Малайзия Бас министри Анвар Иброҳимниң мирәт етиўине бола 4-февраль күни кеште рәсмий сапар менен усы мәмлекетке келди.

Куала-Лумпур халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Малайзия парламенти Ўәкиллер палатасының спикери Жоҳари бин Абдул, билимлендириў министри Замбри Абдулқодир ҳәм басқа да рәсмий адамлар күтип алды.


Өзбекстан жетекшисиниң сапары ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты, еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди.

Президентимиз аэропортта Малайзия парламенти Спикери менен ушырасыў өткерди. Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың күн тәртиби бойынша пикир алысылды.


Парламентлер шеңберинде жедел бирге ислесиў ҳәм алмасыўларды даўам еттириў, өз-ара сапар етиўлер ҳәм дослық топарлары илажларын шөлкемлестириў, нызам шығарыў мәселелеринде әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў, әҳмийетли инвестициялық, инфраструктуралық, социаллық ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарламаларды әмелге асырыўға жәрдемлесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сапар етиў бағдарламасының тийкарғы илажлары 5-февраль күни болып өтеди.


Өзбекстан Президенти ҳәм Малайзия Бас министри жоқары дәрежеде сөйлесиўлер өткереди ҳәм Өзбекстан-Малайзия бизнес форумына қатнасады. Саммит жуўмағында бир қатар ҳүкиметлераралық ҳәм уйымларарлық ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.



ӨзА