Жасырын цех анықланды

Нөкис қаласында пайдаланыўға жарамсыз спиртли ишимликлер ислеп шығарылатуғын жасырын цехтың жумысларына шек қойылды,-деп хабар бермекте Бажыхана басқармасы баспасөз хызмети.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен МҚХ, ИИМ ҳәм “Нөкис Вино заводы” АЖ хызметкерлери менен биргеликте Нөкис қаласында өткерилген оператив илаж даўамында, 1983-жылы туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы “шәртли қарыйдар”ға 100 дана 0,7 литрлик сыйымлылықтағы жәми 70 литр қолдан таярланған, улыўма акциз маркаларына ийе болмаған “Қаратаў” жазыўлы арақ өнимлерин 8500000 сумға сатқан ўақтында иркиўге алынды.
Оператив илаж даўам еттирилип, алдынан алынған мағлыўматлар тийкарында усы жасалма алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўда гүманланып атырған шахстың турақ жайы тийисли санкция тийкарында көзден өткерилди.
Нәтийжеде, турақ жайда сапасы кепилленбеген алкоголь өнимлерин қолдан таярлаўға қәнигелескен “Жасырын цех” анықланды. Бул жерден 645 литр этил спирти, 906 бос шийше, 192 “Қаратаў” жазыўлы қағаз қутылар, 305 жаңа капсулалар, 30 литр қурамында боян тамыры болған алкоголь өнимлери, 1495 қақпақ, 50, 45 литрлик акциз маркасына ийе болмаған “Қаратаў” жазыўлы алкоголь өнимлери, 269 жасалма акциз маркалары ҳәм қолда таярланған спиртли ишимликлерди таярлаўда қолланылатуғын арнаўлы қураллар айғақлы дәлил сыпатында алынды.

Бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылып, ЖК ниң 1861-статьясы 2-бөлими бойынша жынаят иси қозғатылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги