Бажыхана: хызмет итлери сыйлықланды

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт-ата» шегара бажыхана посты киши инспектор-кинологи С.Айтжановқа бириктирилген «Руни» лақаплы рус спаниели хызметте өз ийесине үлкен жәрдемши есапланады.
2024-жыл даўамында Руни өзиниң сийрек ушырасатуғын таланты арқалы 18 кг 100 гр мефедрон нәшебентлик қураллары, 2,37 гр опий ҳәм 770 түп көкнары нәшебентлик қуралының мәмлекетимиз шегаралары арқалы алып кирилиўиниң алдын алыўда үлеси үлкен болды. Қатардағы бажыханашы дослары менен ийинлес турып, әсиресе, нәшебентлик қуралларының мәмлекетимиз аймағына кирип келиўиниң алдын алыў жолында қосқан үлеси бүгин Миллий кинология орайы тәрепинен мүнәсип деп табылып, Руни «хызмет ийти белгиси» менен сыйлықланды.

Бул белгиниң гезектеги ийеси «Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана посты киши инспектор-кинологи Д.Салимовқа бириктирилген «Айлан» лақаплы хызмет ийти болды. Нәшебентлик қураллары ҳәм валюталарды излеўде төрт аяқлы жәрдемши оғада қәўипли нәшебентлик қуралы есапланыўшы героин ҳәм опийди излеп табыў бойынша үлкен тәжирийбеге де ийе.

Усы сыяқлы хошаметлеўлер тийкарында бул хызмет ийтлери бириктирилген ҳәм оларға тәрбия берип атырған киши инспектор-кинологларға берилген баҳа болып есапланады. Бажыхана системасында кинология хызмети және де раўажланып, келешекте де нызамлы товарлар ҳәрекетин анықлаўда тараў хызметкерлерине үлкен тирек болыўы гүумансыз.
ӨзА