Жас гандблшылар чемпионлық ушын беллести

277

Нөкис қаласында жайласқан Республикалық спорттың ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектебинде спорттың Гандбол түринен 14 жастағы жас өспиримлер арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.

Чемпионатқа Республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан жәми 10 команда қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.

Оғада қызықлы өткен ойынлар жуўмағында, майдан ийелери есапланған Нөкис қаласы гандболшылары барлық қарсыласларын жеңип шығып, Қарақалпақстан чемпионы атағына миясар болды.

Финаль ойынында чемпионларға жеңилип қалған Шымбай районы Спорт мектеби тәрбияланыўшылары екинши, Қанлыкөл районы Спорт мектеби жаслары үшинши орынға ылайық деп табылды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм медаль менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы