Исбилерменликти раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша семинар болып өтти

254

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм қәмбағаллықты қысқартыў мәселелерине соңғы жыллары үлкен итибар қаратылмақта. Усы бағдарда республика көлеминдеги семинар болып өтти.

Әмиўдәрья районы ҳәкимлигинде шөлкемлестирилген семинарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жуўапкерлери, министрлик, республикалық ҳәм районлық көлемдеги шөлкемлердиң басшылары, қала ҳәм районлар ҳәкимлериниң қаржы, экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарлары қатнасты, дейди Әмиўдәрья районы ҳәкимилиги мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы Ч.Арслонова.

Семинар өз-ара билим ҳәм тәжирийбе алмасыў мақсетинде өткерилди. Шығып сөйлегенлер күн тәртибиндеги мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Қатнасыўшылар район аймағындағы аўыл ҳәм мәҳәллелерде қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қәмбағаллықты қысқартыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги