Семинар тренинг болып өтти

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мектепке шекемги билимлендириў сапасының нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң тийисли буйрығы тийкарында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде жумыс ислейтуғын қәнигелердиң шеберлигин арттырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Беруний районындағы 7 ҳәм 41-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде «Методикалық шеберлик күни» ҳәм «Методикалық шеберлик сааты» темасында оқыў илажы өткерилди.

– Семинардағы әмелий ҳәм теориялық сабақларды А.Авланий атындағы педагогикалық шеберлик миллий институтында тренерлер ушын шөлкемлестирилген оқыў курсында қатнасып, маманлық арттырған тренер-менторлар алып барды. Қызықлы интерактив көринисте алып барылған семинар тренингте ийелеген билимлерин өзлери жумыс алып барып атырған мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде өткериўди жолға қояды, – дейди Беруний районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы А.Уразова.
Қарақалпақстан хабар агентлиги