Малайзия Миллий мәмлекетлик басқарыў институты менен бирге ислесиў жолға қойылады

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм Малайзия Миллий мәмлекетлик басқарыў институты (INTAN) қәнегелери арасында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңнен жолға қойыў, атап айтқанда, алдағы режелер ҳаққында өз-ара пикир алысылды.
INTAN 1959-жылы Порт-Диксонда жайласқан «Мәмлекетлик хызметкерлер ушын оқыў орайы» сыпатында шөлкемлестирилгенин атап өтиў керек. Орайдың тийкарғы мақсети мәмлекетлик хызметкерлерди, әсиресе, ғәрезсизликтен кейин мәмлекеттиң раўажланыўы машқалаларын шешиў ушын зәрүр билим ҳәм тәжирийбеге ийе болған кадрлар таярлаўдан ибарат еди.

1972-жылы оқыў орайы рәсмий түрде институтқа айландырылды ҳәм рәсмий «Tadbiran Avam Negara» Институты (INTAN) атамасы менен танылған. Статустағы бул өзгерис усы жаңа қәлиплесип атырған мәмлекетте социаллық-экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты жоқ етиўге қаратылған Миллий экономикалық сиясат (NEP 1971-1990) шеңберинде орайдың роли менен жуўапкершилигиниң артыўы менен бир ўақытқа туўра келди.
INTAN Мәмлекетлик хызметлер департаменти менен бирге ислесиў мәмлекетлик хызметкерлерди тек ғана зәрүр шараятлар ҳәм оқытыў менен тәмийинлеў емес, ал кейинги билимлендириў ҳәм абырайын көтериў ушын стипендиялар, напақалар, грантлар ҳәм басқалар менен тәмийинлеўде әҳмийетли роль атқарады.

Сондай-ақ, ушырасыўда усы жылдың ноябрь айында Самарқанд қаласында болып өтетуғын ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы ҳаққында да кең түрде мағлыўмат берилди. Бул ҳаққында арнаўлы изертлеў ҳәм видеоролик көрсетилди ҳәм Самарқанд әнжуманына таярлық жумыслары, мақсет ҳәм режелер ҳаққында мағлыўмат берилди.
ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы Самарқанд әнжуманы тарийхый әҳмийетке ийе болып, 2023-жылы ЮНЕСКО тәрепинен 43-сессиясын 2025-жылы Самарқанд қаласында өткериў бойынша арнаўлы резолюция қабыл етилген.
Ушырасыў соңында Мәмлекетлик басқарыў академиясының ректоры, «Эл-юрт умиди» қорының атқарыўшы директоры Адҳам Бекмуродов INTAN ҳүрметли мийманлары китабына естелик қолтаңба жазып қалдырды.
Муҳайё Тошқараева,
ӨзАның хабаршысы