Халықтың бәнтлигин  тәмийинлеў жумыслары  даўам етпекте

285

Аймақларда исбилерменлик хызметиниң раўажланыўы халықтың және де жақсы жасаўын тәмийинлеп, дәраматлы болыўына тийкар жаратылмақта. Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы жумыслардың раўажланыўына тийкар болмақта.

Халықтың исбилерменлик пенен шуғылланыўында оларға жәрдемши болып, қоллап-қуўатлап киятырған мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилериниң орны айрықша болмақта. Беруний районы «Обу ҳаёт»  мәҳәллесиниң ҳәким жәрдемшиси Б.Атамуратов тәрепинен пуқараларға исбилерменлик тараўын раўажландырыў бойынша көрсетпелер ҳәм жәрдемлер берилип келинбекте. Атап айтқанда, 2024-жылда жәми 56 пуқараға 1 млрд 818 млн сум жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылған.

Мәҳәлле турғыны Н.Палвановаға жеңиллетилген кредит есабынан 21 млн сум кредит қаржылары ажыратылып, ол өз шаңарағында шарўашылық пенен шуғылланып,  исбилерменлик жумысын қарамал бағыўдан баслаған. Сондай-ақ, 8.5 млн сум жеңиллетилген кредит есабынан қыйтақ жеринде ыссыхананы иске түсирип, қыс мәўсиминде ишки базарға көк шөплерди  сатыўға шығармақта.



Халқымыздың жақсы күнлеринде хызмет етиўди нийет еткен Г.Абдиреймова нан цехын ашып, күнине буйыртпа тийкарында 400-500 дана  шөрек нан, пәтир жабыўды жолға қойған. 5 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеп, жумыс алып барып атырған исбилермен алдағы ўақытта жумыс көлемин кеңейтип, және де жумыссыз жасларды жумыс пенен тәмийинлеў нийетинде.  Үй шараятында дәрамат табыў  нийетинде болған «Жаслар дәптери » ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери» нде дизимде турған 6 пуқараға субсидия тийкарында тигиў машиналары ҳәм керекли әсбап-үскенелер берилип, бәнтлиги тәмийинленди.

Мәҳәлледе халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги