Үйрениўлердиң жуўмақлары шығарылды

274

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының мәжилиси болып өтти. Онда бир қатар нызам жойбарлары ҳәм фракция жумысына байланыслы мәселелер көрип шығылды.

Дәслеп мәжилисте фракция ағзаларының өткен бир ҳәпте даўамында аймақлардағы үйрениўлериниң нәтийжелери додаланды. Атап өтилгениндей, фракция ағзалары партиялық идеялардан келип шығып, туризм, тарийхый естеликлерди қорғаў ҳәм жергиликли исбилерменлердиң жумысы менен байланыслы мәселелерди үйренди. Сайлаўшылар менен ушырасып, социаллық машқалаларды шешиў илажларын көрди.

Анықланған  көпшилик машқалалар орынларда шешилген болса, айырымлары бойынша тийисли жуўапкерлерге, министрликлер менен уйымларға депутатлық сораўларды жибериў, айырымларын болса нызамшылыққа өзгерислер киргизиў арқалы сапластырыў мақсетинде усыныслар таярланды.

Мәселен, шымбайлы Мийўаш Төреназарова қарақалпақ халқының миллий отаўы – «Қара үйлер» ушын арнаўлы безеўлер таярлаў менен шуғылланып, буйыртпалар көп болғаны себепли 35 шәкиртти жумысқа тартыўға зәрүрлиги бар. Бирақ үйи тарлық етип атырғаны себепли қосымша имарат керек. “Устаз-шәкирт” дәстүри бойынша өнер үйренемен деген қызлар жүдә көп. Өнерменттиң жумысын үйренген депутат Руслан Жумамуратов бул мәселени Шымбай районы ҳәкиминиң жәрдеми менен шешиўге киристи.

Қаракөл районы Қуввача мәҳәллесинде болған депутат Жаҳангир Ширинов болса халық пенен сөйлесиўлерде пуқаралардың ишки жолларды оңлаў, сым ағашларды жаңалаў, салмаларды бетонлаў, спорт түрлери бойынша тренер тартыў, Ташкент – Алат жөнелисиндеги поезд қатнаўын көбейтиў ҳәм бул арқалы билет жетиспеўшилигин азайтыў сыяқлы мәселелердеги мүрәжатларын тыңлады. Билдирилген машқалалардың биразын шешиўге ерисилди.

Мәжилисте усындай әмелий үйрениўлер ҳәр айда шөлкемлестирилип, пуқаралар менен сөйлесиўлер өткериў өз нәтийжесин беретуғыны атап өтилди. Үйрениўлерди шөлкемлестириўде партияның аймақлық шөлкемлери ҳәм жергиликли Кеңес депутатлары менен бирге ислесиў мәселелерине де итибар қаратыў зәрүрлиги айтылды.

Сондай-ақ, мәжилисте додаланған нызам жойбарлары бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова,

ӨзАның хабаршысы