Салық төлеўден бас тартқаны ушын жуўапкершилик беккемленеди

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде депутатлар тәрепинен салық ҳәм исбилерменлик тараўындағы ҳуқықый қатнасықларды жетилистириўге қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.
– Салық тараўындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде усы салық тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликти күшейтиў, салықлар ямаса жыйымларды төлеўден бас тартқаны ушын жуўапкершиликти беккемлеўге қаратылған ҳуқықый нормалар сәўлелендирилмекте,-деди депутат Ш.Назаров. – Сондай-ақ, судқа шекем ҳәм суд додалаўы даўамында жеткерилген зыян толық қаплаған жағдайда жуўапкершиликтен азат етиўди, ўәкилликли уйымлардың тергеўге шекем тексериў ҳәрекетлерин әмелге асырыў ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды көрип шығыў менен байланыслы ўәкилликлерин анықластырыўды нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Додалаўларда депутатлар салықлар ямаса жыйымлар төлеўден бас тартыў жынаяты ушын жасырылған салық ҳәм жыйымлар муғдарын анықлаўдың өз алдына нормалары белгиленип атырғанына айрықша итибар қаратты. Халық ўәкиллери жойбарда биринши мәрте жынаят ислеген шахсты, егер суд мәсләҳәтханасына киргенге шекем салықлар ҳәм жыйымлар, пенялар ҳәм басқа да қаржылай санкциялар түринде мәмлекетке жеткерилген зыянның орнын толық қапласа, азат етилиўи, тергеў ҳәм суд процесинде исбилерменди қорғаўға Бизнес-омбудсман ҳәм Саўда-санаат палатасын жәмийетлик қорғаўшы сыпатында тартыў тәртибиниң енгизилип атырғанын қоллап-қуўатлады.
Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи салық тараўындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, салық түсимлериниң турақлылығын тәмийинлеў, жеке исбилерменлик раўажланыўы ушын теңдей бәсеки орталығын жаратыў, олардың нызамлы мәплерин исенимли қорғаў кепилликлерин күшейтиўге хызмет етеди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА