Елши: Өзбекстан Президентиниң Малайзияға 20 жыл ишиндеги дәслепки сапары

– Президент Шавкат Мирзиёевтиң ҳәзирги рәсмий сапары мәмлекетимиз басшысының соңғы 20 жыл ишиндеги усы мәмлекетке дәслепки сапары,-дейди Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елши Каромидин Гадоев «Bernama» мәлимлеме агентлигине берген интервьюинде. – Бул тарийхый сапар болады.
Елшиниң сөзлерине бола, бул мәмлекетимиз жетекшисиниң, улыўма, Қубла-шығыс Азияға биринши сапары. Бул сапар шеңберинде Куала-Лумпур Бас министри менен ушырасыўлар, биргеликтеги бизнес-форум ҳәм басқа да илажлар режелестирилген. Додалаўлар ўақтында Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы саўда, инвестиция, инновация, технологиялар, нефть-химия, электроника, жасыл энергия, ақыллы аўыл хожалығы, туризм, мәдений-гуманитарлық алмасыў сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылады.
Сондай-ақ, шериклик көлемин кеңейтиўге қаратылған биргеликтеги билдириў ҳәм келисимлер топламына қол қойылыўы күтилмекте.
Дипломатымыз сапар алдынан Малайзияда Өзбекстанның туристлик ҳәм мәдений мийрасы имканиятын көрсетиў, жоқары билимлендириў тараўын биргеликте тереңлестириўге қаратылған бир қатар илажлар шөлкемлестирилгенин қосымша етти.
Муҳарамма Пирматова, ӨзА