Балалардың мәпине қарсы болған ҳәр қандай жағдай қадағалаўға алынып, ҳуқықлары тәмийинленбекте

Өзбекстан халқының 13 миллионнан асламын 18 жасқа шекемги балалар қурайды.
Өзбекстан халықаралық ҳуқықтың тең ҳуқықлы субъекти сыпатында өз миннетлерин тән алған ҳалда, мәмлекет халқының 35 процентине шамаласы балалар қурайтуғынын есапқа алып, баланың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм қорғаў таарўында миллий нызамшылықты халықаралық стандартларға үйлес түрде жетистирилип бармақта.

ЮНИСЕФ тәрепинен «2021-2025-жылларда ЮНИСЕФ ҳәм Өзбекстан ҳүкиметиниң Балаларды қорғаў бағдарламасы» додалаўы ушын өткерилген ушырасыўда усы ҳаққында сөз болды.
– Өзбекстанда балалардың ҳуқықларын қорғаў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта, – дейди Өзбекстан Балалар омбудсманы Сурайё Раҳманова. – Жақын тарийхта (буннан 6-7 жыл алдын) әпиўайы жағдай болған балалардың мийнети, яғный олардың атыз жумысларына, атап айтқанда, пахта теримине тартыўдай унамсыз жағдайларға елимизде пүткиллей сапластырылды. Балалардың мәпине қарсы болған ҳәр қандай жағдай қадағалаўға алынып, олардың ҳуқықлары тәмийинленбекте. Зәрүр жағдайларда балалар мәмлекетлик қорғаўына алынбақта.
Илаж мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери ушын әмелий сөйлесиў майданы болды. Сөйлесиўлер тийкарында Өзбекстанда балаларды қорғаў бағдарламасына баҳа берилип, тараў бойынша усыныслар ислеп шығылды.
Ушырасыў даўамында қатнасыўшылардың усыныслары тыңланып, бағдарламаның жуўмақлаўшы текстин және де жетилистириў мәселелери додаланды.
Н.Абдураимова, ӨзА