«Шахзада Ибрагимова спорт шеберлиги дөгереги» ашылды

Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында спортты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, буның нәтийжесинде мәмлекетимиз спортшылары халықаралық жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте.
Усындай спортшыларымыз қатарында халықарлық дәрежедеги спорт шебери, бир қатар жарыслардың жеңимпазы, Парижде өткерилген Олимпиада ойынларының қатнасыўшысы Шахзада Ибрагимова болып табылады. 2002-жылы Нөкис қаласында туўылған ол, кишкенелигинен спорттың көркем гимнастика түрине қызығып, белгили тренер Нигара Палванованың басшылығында шынығыўларға қатнасады. Өзиниң умтылыўшаңлығы ҳәм мийнетсүйгишлигиниң арқасында, тренерлер нәзерине түскен ол, көркем гимнастика бойынша өткерилген Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан бириншиликлеринде жеңимпазлықты қолға киргизип, мәмлекетимиз сайланды командасы ағзасына айланады ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалына оқыўға қабылланды.
Шахзада Ибрагимова 2021-жылы Түркияның Конья қаласында өткерилген Ислам тилеклеслик ойынларында сайланды команда ағзалары менен биргеликте бир алтын, еки гүмис, Таиландтың Паттайя қаласында өткерилген Азия чемпионатында еки алтын, бир гүмис, Ташкент қаласында өткерилген жәҳән чемпионатында бир гүмис ҳәм алтын медальларды қолға киргизиўге миясар болды.
2024-жылы болса, сайланды команда қурамында Парижде өткерилген Олимпиада ойынларына қатнасыўға еристи.
«Париж-2024» жазғы Олимпияда ойынлары қатнасыўшысы Шахзада Ибрагимова 2024-жылы Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалын питкерип, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз сайланды командасы қурамында шынығыўлар алып бармақта.
Республикамыздың шетки аймақларында көркем гимнастика спортын раўажландырыў мақсетинде, Шахзада оқып тәлим алған Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалының басламасы менен Нөкис районында жайласқан 19-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Шахзада Ибрагимова спорт шеберлиги дөгереги» шөлкемлестирилди.

Дөгеректиң ашылыў мәресиминде Шахзада Ибрагимова спорт шеберлиги дөгерегин ашқаны ушын жоқары оқыў орны ҳәм мектеп басшыларына өз миннетдаршылығын билдирди.
Илажда мектеп оқыўшылары ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен Шахзада Ибрагимоваға бир қатар сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды ҳәм жаңа дөгеректиң ағзаларына өзиниң шеберлигин көрсетти. Соның менен бирге, филиал тәрепинен мектепке оқыў қолланбалар ҳәм сабақлық китаплары тапсырылды.
-Мектебимизде бүгинги күни 750 оқыўшы оқыйды,-дейди усы мектептиң директоры Қурбанай Қыдырниязова.-Оқыўшыларымыздың бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын көркем гимнастика дөгерегин ашыўды мақсет еткен едик. Мине, бүгин усы нийетимиз Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалының шөлкемлестириўи менен ашылмақта. Мектебимиз жәмәәти, әсиресе, көркем гимнастикаға қызығыўшы оқыўшыларымыз буннан шексиз қуўанышқа бөленди. Енди бул дөгеректе филиалдың доцент оқытыўшысы Тамара Джуманиязова ҳәм оның шәкиртлери тәрепинен оқыўшыларға бул спорт түриниң әлўан түрли сырлары үйретилмекте. Алдағы ўақытлары мектебимизден Шахзада Ибрагимоваға уқсаған чемпион қызлар өсип жетилиседи деп ойлайман.
Соны айтып өтиўимиз керек, бүгинги күни жаңадан шөлкемлестирилген «Шахзада Ибрагимова спорт шеберлиги дөгереги»нде 50 ден аслам оқыўшылар шынығыўлар алып бармақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы