Дания компаниясы менен биргеликте насослар ислеп шығарыў мәселеси додаланды

Бүгинги дәўирге келип суўды үнемлеў, оннан заманагөй технологиялар жәрдеминде ақылға уғрас пайдаланыў заман талабына айланбақта. Бул бағдарда суўды басқарыў системалары, атап айтқанда, насослар орнатыў ҳәм нәтийжели пайдаланыўдың әҳмийети артпақта.
«Өзэлтехсанаат» ассоциаициясының мағлыўматына бола, өткен жылы елимизге сырт елден баҳасы 250 миллион АҚШ долларына тең насослар импорт етилген. Буннан аңлаў мүмкин, өсип баратырған тутыныў дәрежеси талаптың және де артыўына себеп болмақта.

Соннан келип шығып өнимди локализациялаў, жетекши сырт ел компаниялары менен бирге ислесиў бойынша жоқары туратуғын мәмлекетлик шөлкемлер жуўапкерлериниң қатнасыўында жумысшы топар шөлкемлестирилген.
Жумысшы топар Данияның «Grundfos» компаниясы жуўапкерлери менен онлайн ушырасыў өткерип, бул мәселени додалады.
«Grundfos», бул – глобал көлемдеги теңиз ҳәм санаат тараўларына мөлшерленген насослар, помпалар ҳәм суўды басқарыў системаларын ислеп шығарыўшы ири компания саналатуғынын мағлыўмат орнында атап өтиў мүмкин. 1945-жылы Данияда шөлкемлестирилген бул компания ҳәзир дүньяның 55 мәмлекетинде жумыс ислейди. «Grundfos» тийкарынан суўды тасыў, тазалаў ҳәм қадағалаў системаларында қолланылатуғын үскенелер менен танылған.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Аҳадбек Ҳайдаров, суў хожалығы министриниң орынбасары Зокир Ишпўлатов, «Өзэлтезсанаат» ассоциаициясының баслығы Мирзиёд Юнусов, «Өзсуўтәмийнат» АЖ баслығы Аҳмад Сувонқулов, «Grundfos» компаниясының бас атқарыўшы директоры Ҳамед Ҳейхат, регионаллық директоры Майкл Ниэлсон ҳәм «Грундфос Uzbekistan » басшысы Фарухх Салоҳиддинов қатнасты.
Мәмлекетимизде суўды басқарыўдың заманагөй технологиялары, насослар ислеп шығарыўда бирге ислесиўдиң тийкарғы тәреплери, жойбарды әмелге асырыўда мәмлекеттиң жәрдеми ҳәм күтилип атырған нәтийжелер додаланды.
А.Рустамов, ӨзА