Автотранспорт қуралларын Мәмлекет шегарасы арқалы өткериў пунктинен  ҳәрекетлениў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды

140

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Өзбекстан Республикасы Мәмлекет шегарасы арқалы физикалық тәреплердиң ҳәрекетлениўи ҳәм олар тәрепинен товар ҳәм транспорт қуралларын алып өтиў  процесслерин және де әпиўайыластырыў ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық:

«Электрон гезек» автоматластырылған мәлимлеме системасынан пайдаланған ҳалда, автотранспорт қуралларын Мәмлекет шегарасы арқалы өткериў пунктинен ҳәрекетлениў тәртиби ҳаққындағы реже;

Физикалық тәреплердиң Мәмлекет шегарасы арқалы өткериў пунктинен ҳәреклениўинде «Fast-track» хызметинен пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы реже;

«Электрон гезек» автоматластырылған мәлимлеме системасы биринши гезекте енгизилетуғын Мәмлекет шегарасы арқалы өткериў пунктлери дизими тастыйықланды.

2025-жыл  1-майдан:

физикалық тәреплер ушын «Fast-track» автоматластырылған мәлимлеме системасы  усы қарарда атап өтилген шегара өткериў пунктлеринде әмелиятқа енгизиледи;

автотранспорт қураллары ушын «Электрон гезек» автоматластырылған мәлимлеме системасы усы қарарда атап өтилген шегара өткериў пунктлеринде, республиканың қалған шегара өткериў пунктлеринде болса транспорт қуралларының ҳәрекетлениў  ағымынан келип шығып, басқышпа-басқыш енгизиледи.

ӨзА