Парламентлераралық аўқам секретариатының ўәкиллери менен онлайн сөйлесиў болып өтти

Бурын хабар бергенимиздей, 2025-жылдың 5-9-апрель күнлери 190 мәмлекетти бирлестирген Парламентлераралық аўқамның ең ири халықаралық илажы – 150-юбилей Ассамблеясы Өзбекстанда болып өтеди.
Сенатта Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясын Ташкент қаласында өткериў ушын шөлкемлестириў мәселелери бойынша Аўқам секретариаты ўәкиллери менен гезектеги онлайн сөйлесиў болып өтти.

Онда Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясын өткериў бойынша Шөлкемлестириў комитетиниң дүзилгени, Сенат Баслығының басшылығында оның биринши мәжилиси болып өткени ҳәм арнаўлы штаб жумыс баслағаны атап өтилди.
Сөйлесиў даўамында сырт ел делегацияларын қабыллаў, соның ишинде, виза мәселелерин шешиў, республикамыздың туризм имканиятын көрсетиў ҳәм Ассамблея шеңберинде өткерилетуғын бир қатар илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, Парламентлераралық аўқам секретариаты ўәкиллериниң мәмлекетимизге сапарын шөлкемлестириўге келисип алынды.
Н.Абдураимова,
ӨзА