Мәмлекетлик уйымлардың рәсмий веб-сайтларының жумысын «Бир айна» принципи тийкарында әмелге асырыўға байланыслы реже тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң рәсмий веб-сайтларының жумысын және де жетилистириў илажлары ҳаққында» қарар қабыл етти.
Оған муўапық:
Мәмлекетлик уйымлардың рәсмий веб-сайтларының жумысын «Бир айна» принципи тийкарында Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети порталында жолға қойыў, жүргизиў, олардағы мәлимлемениң әҳмийетлилигин ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм Ҳүкимет порталында жайластырылатуғын мәлимлемени мәмлекетлик уйымлар тәрепинен усыныс етиў тәртиби ҳаққындағы реже;
Бирден-бир платформаға мәмлекетлик уйымлардың рәсмий веб-сайтларын өткериў режеси тастыйықланды.
Қарарға муўапық, «UZJNFOCOM» мәмлекетлик мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша бирден-бир интегратор» жуўапкершилиги шекленген жәмийети Бирден-бир платформа операторы есапланады.
2025-жыл 1-марттан баслап мәмлекетлик уйымлардың рәсмий веб-сайтлары тек ғана Бирден-бир платформада жүргизиледи. Жаңа шөлкемлестирилген мәмлекетлик уйымлар өзлериниң рәсмий веб-сайтларының жумысын шөлкемлестрилген сәнеден баслап бир ай мүддетте Бирден-бир платформада жолға қояды.
Мәмлекетлик уйымлардың басшылары мәмлекетлик уйымлардың рәсмий веб-сайтлары Бирден-бир платформада жүргизилиўи ушын жеке жуўапкер есапланады.
Қарарда мәмлекетлик уйымлар белгиленген мүддетлерде өз рәсмий веб-сайтларының Бирден-бир платформаға өткерилиўин тәмийинлейди,
рәсмий веб-сайт Бирден-бир платформаға өткерилгеннен соң бир ҳәпте мүддетте ески веб-сайтлар домен мәнзиллерин және веб-сайт ҳәм ондағы мағлыўматларды сақлап қалған ҳалда, Бирден-бир платформадағы рәсмий веб-сайтлар мәнзилине жибериледи ямаса олардың жумысын тоқтатады.
Мағлыўмат ушын: Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2023-жылларда мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында» 2022-жыл 22-августтағы ПҚ-357-санлы қарарына тийкарланып 2023-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң рәсмий веб-сайтлары ҳәм порталларын «Бир айна» принципи тийкарында өз ишине алатуғын Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети порталы бирден-бир платформасы иске қосылған еди.
ӨзА