«Пахтакор» «Ал-Гарафа» менен ойнайды

Бүгин Элит чемпионлар лигасында 7-тур ойынлары болып өтеди.
Атап айтқанда, усы тур шеңберинде Ташкенттиң «Пахтакор» клубы Қатар мәмлекетиниң «Ал-Гарафа» командасына қарсы ойынға түседи.
Кеше усы клублардың бас тренерлери қатнасыўында баспасөз әнжуманы болып өтти.
Оған «Пахтакор» клубының бас тренери Педру Морейра ҳәм ҳүжимши Игорь Сергеевлер қатнасты.
– Бизлер бул ушырасыўға жақсы таярлықлар көрдик деп ойлайман,-деди Педру Морейра.- Шынығыўларда имканиятымыз болғанынша иследик. Бизлерди мәўсимдеги биринши рәсмий ойын күтип тур. Қарсыласымыз болса, мәўсимниң қызғын дәўиринде. Командамызды кескин ойын күтип тур. Онда жақсы ойнап, унамлы нәтийжеге ерисиўге умтыламыз..
Қарсыласларымызды үйренип шықтық. «Ал-Гарафа» жақсы футболшыларға ийе команда. Олар португалиялы тренер Педру Мартинс басшылығында күшли ойынлар көрсетпекте.
Ал, Игорь Сергеев болса, төмендегише пикир билдирди. Түркияда бир ай оқыў жыйынын өткердик. Ойлаўымша бизлер ойынға физикалық ҳәм руўхый жақтан таярмыз. Бизлер майданда жан-тәнимиз бенен жақсы ойнаўға ҳәрекет етемиз. Ташкентке унамлы нәтийже менен қайтыўды қәлеймиз.
Соны айтып өтиўимиз керек, бул командалар усы күнге шекем 6 ойында өз-ара ушырасып, олардың екеўинде «Пахтакор» жеңиске ерискен болса, биреўинде теңбе-тең ойнаған.
Ал, үш ушырасыўда «Ал-Гарафа» футболшылары жеңиске ерискен.
Бүгинги ойын мәмлекетимиз ўақты менен саат 21:00 де басланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы