Товарлар ҳәм хызметлер баҳасы бир айда қаншаға көбейгени айтылды

186

Статистика агентлигиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь айында тутыныў секторындағы товарлар ҳәм хызметлердиң баҳалары орташа 0,7 процентке қымбатлаған.

Тутыныў секторындағы баҳалардың жыллық (2024-жыл январь айына салыстырғанда) өсиў дәрежеси 9,9 процентти қураған.

2025-жылдың январь айында тутыныў баҳалары индекси қурамында азық-аўқат өнимлериниң баҳалары орташа 0,8 процентке, азық-аўқатлық емес товарлар 0,3 процентке ҳәм халыққа төлемли хызметлер көрсетиў баҳалары орташа 1,1 процентке артқаны бақланған.

Бул есап-санақларды әмелге асырыў ушын 10 мыңнан артық саўда орынлары ҳәм хызмет көрсетиў объектлеринде 120 мыңнан зыят баҳалар дизимге алынған.

420 түрдеги азық-аўқат ҳәм азық-аўқатлық емес өнимлер ҳәм 90 түрдеги хызметлердиң баҳалары бақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги