Мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў мәселелери додаланды

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.
Қорғаныў министриниң әскерлердиң жаўынгерлик таярлығы ҳәм қәбилетин арттырыў, бөлим ҳәм бөлимшелерди ҳәр тәреплеме таярлаў, оларды заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техника менен тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекстан Қорғаныў санааты агентлигиниң жумысын жетилистириў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққындағы есабаты тыңланды.

Мәмлекет басшылығы тәрепинен армияның жаўынгерлик имканиятын ҳәм жеке қурамның мәнаўий-руўхый жағдайын ҳәр тәреплеме беккемлеў, қурал жарақ ҳәм әскерий техниканы модернизациялаў, сондай-ақ, қорғаныў санааты кәрханаларын раўажландарыў бағдарындағы жумысларды даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жаўынгерлик ҳәм оператив таярлық илажларын жеделлестириў, әскерий кәрханалардың офицер кадрлары ҳәм инженер-техникалық қурамын профессионал оқытыў системасын жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилис соңында мәмлекетимиз басшысы Қураллы Күшлерди және де раўажландырыў ҳәм мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бойынша тапсырмалар берди.
ӨзА