«Жас китапқумар» таңлаўының жеңимпазлары анықланды

212

Нөкис қаласындағы Жаслар орайында «Жас китапқумар» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Таңлаўға республикамыздың барлық аймақларынан жарыстың аймақлық басқышында жеңимпаз болған жаслар қатнасты ҳәм олар 3 жас категориясы бойынша өз-ара беллести.

Атап айтқанда, 10-14 жас аралығындағы жаслар арасында өткерилген таңлаўда Төрткүл районынан Озодбек Розимов биринши, әмиўдәрьялы  Чаросхон Сафарбоева екинши ҳәм қараөзекли Мапруза Қаллибекова сыйлы үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.


15-19-жас категориясында болса, Қоңырат районынан Диана Тагабергенова биринши, төрткүлли Умида Гелдиева екинши ҳәм Әмиўдәрья районынан Шахзода Худаяровалар үшинши орынға ылайық деп табылды.

«Жас китапқумар» таңлаўының 20-30 жас категориясында шоманайлы Темирбек Сәрсенбаев барлық қарсыласларын артта қалдырып, таңлаў жеңимпазына айланды.

Бозатаўлы Бийбайым Жолдасбаева екинши, Нөкис районы турғыны Айгерим Елдесова сыйлы үшинши орынларды жеңип алыўға еристи.

Таңлаў соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы Диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы