Инженерлик тараўы перспективасына әҳмийетли қәдем тасланбақта

328

Көпшиликтиң хабары болғанындай,  Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёев тәрепинен усы жылдың 24-январ күни «Нөкис мәмлекетлик техника университетин шөлкемлестириў ҳаққында”ғы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарар тийкарында, Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты ҳәм Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы негизинде жаңа университет шөлкемлестирилмекте.

Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – инженерлик тараўында жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў, билимлендириў, илим ҳәм өндирис арасында өз-ара интеграцияны жолға қойыў, оқытыў усыл ҳәм формаларын жетилистириў, билимлендириў процесине инновациялық технологияларды енгизиў арқалы билимлендириўдиң сапасын ҳәм илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў болып есапланады.

Университетке санаат, техника-технология, инженерлик тараўлары ушын қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў, билимлендириў процесине сырт еллердиң жоқары билимлендириў шөлкемлериниң тәжирийбеси тийкарында билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм енгизиў, аймақ ушын перспективалы болған кадрлар таярлаў, заманагөй оқыў, илимий ҳәм IT лабораториялары базасын жаратыў, әмелий ҳәм фундаментал илимий-изертлеў жумыслары ҳәм инновациялық жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў, билимлендириў, илим, өндирис арасындағы интеграцияны күшейтиў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилмекте.

Президентимиздиң жоқарыда аты аталған қарарының және бир әҳмийетли тәрепи сонда, университетте алдынғы инженерлик мектеби жумысын шөлкемлестириў мәселеси де орын алды.

Атап айтқанда, онда билим алыў ушын академиялық көрсеткишлери жоқары болған студентлер таңлаў тийкарында таңлап алынады ҳәм әмелиятқа бағдарланған арнаўлы билимлендириў бағдарламалары тийкарында оқытылады. Оқыў дәргайында заманагөй лабораториялар шөлкемлестирилип, машқалалар портфели тийкарында илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумыслар алып барылады.

Ҳәзирги ўақытта Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты ҳәм Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында билим алып атырған барлық студентлер оқыўын Нөкис мәмлекетлик техника университетинде даўам еттирип, питкериўши курс студентлерине университет дипломы бериледи.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қабыл етилген бул қарар тек ғана Қарақалпақстанның емес, ал Жаңа Өзбекстанның экономикалық-социаллық раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм илимий потенциалын буннан былай да арттырыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Республикамызда жаңадан шөлкемлестирилип бул университетте тәлим-тәрбия алып атырған жаслар ертеңги күни елимиздиң халық хожалығы ушын жетик қәнигелер болып жетилисип, өзлериниң ийелеген билими менен мәмлекетимиздиң раўажланыўына өз үлеслерин қосады, деп исенемиз.

 

Атабек Каипбергенов,

Наўайы мәмлекетлик кәншилик технологиялары университети жанындағы Нөкис кәншилик институты директоры, т.и.д. профессор.

Қарақалпақстан хабар агентлиги